Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик салық уйымлары тәрепинен «Cалықшы‑исбилерменге көмекши» принципи тийкарындағы жумыслар жолға қойылып, усы бағдарда  бир қатар илажлар әмелге асырылды. Бул мәселе бойынша район, секторлар кесиминдеги жумысларға да итибар қаратылмақта.

Шоманай районы мәмлекетлик салық инспекциясының Юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиў бөлиминдеги Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў секторы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың тийкарғы бағдары да усы мәселелерге қаратылған болып, усы күнге шекем бир қатар илажлар әмелге асырылды.

– Усы мәселелерге байланыслы мәмлекетлик салық комитетиниң 2021-жыл 11-январь күнги «Cалықшы‑исбилерменге көмекши» принципи тийкарында исбилерменлерди қолап-қуўатлыў бойынша әмелге асырылыўы зәрүр болған «Ҳәрекетлер режеси» тастыйықланып, усы тийкарда көмеклесиў зәрүр болған исбилерменлик субъектлериниң дизими ислеп шығылды,-дейди Шоманай районы мәмлекетлик салык инспекциясының бас инспекторы М.Шакуова. – Бул топарға тазадан ашылған субъектлер, есабат усынбағанлар, «Ноль» есабат усынғанлар, төлемин әмелге асырмағанлар, мийнет ҳақысын есапламағанлар, банк айланысын әмелге асырмағанлар, салық уйымларына бир неше мәрте мүрәжат еткен салық төлеўшилер киргизилди.

Жәрдемге мүтәж болған усы топарға киргизилген исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын үйрениў ҳәм оларға жәрдем бериў илажлары алып барылмақта.

Атап айтқанда, мәмлекетлик салық уйымлары тәрепинен быйылғы жылдың 1-июнь сәнесине 380 жәрдемге мүтәж исбилерменлик субъектлери менен жеке ушырасыў өткерилип, олар салық төлеўшилерге көрсетилетуғын арнаўлы хызметлердиң дизими менен таныстырылып, машқалалары үйренилди.

Үйрениў нәтийжесинде, 37 синде салық уйымларына байланыслы мәселелер бойынша машқалалар бар екенлиги анықланып, тийисли әмелий жәрдемлер көрсетилди.

Атап айтқанда, 31 жағдайда дәслепки бухгальтериялық есабатларды әмелге асырыўды түсиндириў, 23 жағдайда салық қарыздарлығы бойынша мағлыўматнама бериў, 5 жағдайда салық режимин таңлаўға көмеклесиў, 15 жағдайда салық жеңилликлери ҳәм оларды қолланыў тәртибин түсиндириў, 45 жағдайда жеке есап бетинен нусқа бериў, 4 жағдайда 3580,7 мың сумлық  артықша төлемлерин қайтарыў, 7 жағдайда 10985,4 мың сумлық басқа салық түрлеринен артықша төлем суммаларын қайтарып бериў, 4 жағдайда салық қарыздарлығы мүддетин узайтыў, 22 жағдайда дебитор қарыздарлығын өндириўге көмеклесиў ҳәм 13 жағдайда басқа мәселелер бойынша машқалалары шешип берилди.

Сондай-ақ, 10 жағдайда басқа мәкеме ҳәм шөлкемлерге тийисли машқалалар, яғный 42 жағдайда 752,0 млн сумлық жеңиллетилген кредит зәрүрлиги, 13 жағдайда жер ҳәм имарат алыўдағы,
8 жағдайда газ, электр, суў ҳәм канализация бойынша ҳәм 9 жағдайда басқа түрдеги машқалалары барлығы анықланды

Үйрениў нәтийжеси бойынша тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге хатлар шығарылып 28 машқаланың шешилиўине жәрдемлесилди.

«Cалықшы‑исбилерменге көмекши» принципи тийкарында исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.