Өзбекстан Республикасы Президенти Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының төртинши мәсләҳәт ушырасыўында шығып сөйледи. Бул ҳаққында Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов хабар берди.

Мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеўи алдынан Қырғызстан Президентине қызғын қабыллағаны ҳәм саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын миннетдаршылық билдирди. Мәсләҳәт ушырасыўында дәслепки рет қатнасып атырған Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовты қутлықлады.

«Бүгин қайта-қайта атап өтилгениндей, бул форматта жолға қойылған сөйлесиў себепли биз дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўге, регионда пүткиллей жаңа конструктивлик бирге ислесиў орталығын жаратыўға еристик.

Биз Орайлық Азияның қәўипсизлиги ҳәм турақлылығын, турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў бойынша қыйын ўазыйпаларды избе-из шешип келмектемиз.

Бул жолда көплеген тосқынлықлар алып тасланды, пуқараларымыздың еркин ҳәрекетлениўи, жедел мәдений ҳәм туристлик алмасыў ушын шараятлар жаратылды.

Өз-ара саўда ҳәм инвестициялардың өсиўине хызмет ететуғын қолайлы орталық қәлиплести.

Тек ғана кейинги бес жылдың өзинде ўәлаятлараралық товар алмасыў көлеми еки есеге артты.

Сондай-ақ, қоспа санаат кооперация жойбарларын әмелге асырыў, нәтийжели қосымша қун шынжырын жаратыў, транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасын раўажландырыўға киристик.

Ең әҳмийетлиси, туўысқан халықларымыз мине усы унамлы өзгерислердиң бәршесин сезип атыр», деди Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги