Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айрықша жағдайдың әмел етиўин мүддетинен бурын тоқтатыў ҳаққындағы мүрәжатын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында жәмийетлик тәртип ҳәм көрилген илажлардың нәтийжесинде пуқаралардың қәўипсизлиги, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў тикленгенин есапқа алып, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының «Айрықша жағдай ҳаққында»ғы  Конституциялық нызамының 11-статьясына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасы аймағында айрықша жағдай енгизиў ҳаққында»ғы ПП-164-санлы Пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасы аймағында енгизилген айрықша жағдайдың әмел етиў мүддети 2022-жыл 21-июль күни саат 05:00 тен баслап мүддетинен бурын тоқтатылсын.
  2. Усы Пәрман 2022-жыл 21-июль күни саат 05:00 тен баслап күшке киреди ҳәм ғалаба хабар қуралларында дәрҳәл жәрияланыўы шәрт.
  3. Усы Пәрман Өзбекстан Республикасының Олий Мажлиси палаталарына тастыйықлаў ушын жиберилсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы

2022-жыл 20-июль