Усы жыл 20-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз биринши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияның күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында енгизилген айрықша жағдайды жумсартыў бойынша усыныс киргизиў туўралы мәселе көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 1 ҳәм 2-июль күнлери республикамыздың аймағында жүз берген кеўилсиз ўақыялар, ғалабалық тәртипсизликлер  ҳәр бир инсанды терең ойландырып, ҳәр биримизди тийисли жуўмақ шығарыўға шақырмақта. Ўақыя болған күнниң өзинде-ақ мәмлекетимиз басшысы Нөкис қаласына жетип келип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасты.

Жүзеге келген қыйын шараятты сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасы аймағында айрықша жағдай енгизиў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, нызамлылық ҳәм ҳуқық тәртибин тиклеўде бул пәрман айрықша әҳмийетке ийе болды.

Депутатлар республикамыздың аймағында жасаў шараятының турақласқанлығын, инсанлардың қәлбинде қайта исеним тикленгенлигин, дослық қатнасықларының беккемленип атырғанлығын, барлық социаллық-экономикалық тармақлар жумысларының иске түскенлигин есапқа алып, республикамыз аймағындағы енгизилген айрықша жағдайды жумсартыў бойынша усыныс киргизиў туўралы мәселени көрип шықты.

Бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары У.Жалменов, О.Атаниязова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары К.Каримов, Б.Утамбетова, Х.Ешимбетов,  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары А.Данияров, М.Ахмедова, Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары Т.Абдижаппаров, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Ш.Баўаддинов, ишки ислер уйымларының ветераны М.Бабаниязов, Нөкис қаласының ҳәкими У.Панаев, Шымбай районының ҳәкими А.Тажетдинов, Хожели районының ҳәкими Ж.Ермашов, Шоманай районының ҳәкими Б.Янгибаев,  Қараөзек районының ҳәкими У.Утамбетов, Кегейли районының ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, болып өткен ўақыялар бәршемиз ушын сабақ болатуғынлығын, буның ушын халқымыздан, Президентимизден кеширим сорайтуғынлығын, алдағы ўақытлары бундай кеўилсиз ўақыяларға жол қоймаўдың барлық илажлары көрилетуғынлығын атап өтти. Президентимиздиң атап өткениндей, халықларымыз арасындағы туўысқанлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт, аўызбиршилигимизди қәстерлеп сақлаў, елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм турақлылық орталығын қорғаў – бәршемиздиң миннетимиз болып есапланады. Жаңа Өзбекстан, Жаңа Қарақалпақстанды әлбетте биргеликте қурамыз

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Сесссияның жумысына Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи, Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министри, сенатор Т.Худайбергенов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.