Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 18-июль күни азық-аўқат өнимлерин жетистириўди ҳәм халықтың дәраматларын көбейтиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәлим болғанындай, дүньяда азық-аўқат жетиспеўшилиги күшейип бармақта. Экспортқа қойылып атырған шеклеўлер ҳәм транспорт логистикасындағы үзилислер машқалаларды және де тереңлестирмекте. Таллаўларға қарағанда, быйыл дүньяда азық-аўқат өнимлериниң баҳасы кеминде 20 процентке қымбатлаўы прогноз етилмекте.

Елимизде халықтың дәраматларының 40-50 проценти азық-аўқатқа жумсалады. Сонлықтан бундай өнимлерди көбейтип, баҳаның халықтың күн көрисине тәсирин жумсартыў илажлары көрилмекте.

Атап айтқанда, жыл басында 80 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданлары қысқартылып, халық ушын ажыратылды. Адамларға туқым, нәл ҳәм төгиннен жәрдем бериў бойынша «Қыйтақ жер хызмети» жолға қойылды. Қыйтақ жерлерде өним жетистириў ушын быйылдың өзинде 400 миллиард сум жеңилликли кредитлер берилди.

Усындай имканиятлардың нәтийжесинде өним көбейип, баҳалар тәртипке салынбақта. Кейинги бир айда ишки базарда помидордың баҳасы орташа   3 есеге, қыяр 10 процентке, картошка 30 процентке, гешир 15 процентке арзанлады. Буннан тысқары, 6 айда 821 мың тонна ямаса өткен жылға салыстырғанда 102 мық тонна көп мийўе-овощ экспорт етилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи, бул ажыратылған жерлерде 785 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленди.

Мәжилисте район ҳәм мәҳәллелердеги унамлы тәжирийбелер менен бирге кемшиликлер де ашық-айдын додаланды.

Соның ишинде, 80 мың гектар жерден 16 мың гектары халықтан узақ ҳәм суўқарыў қыйын жерде болғаны себепли ийесин таппағаны айтылды. Сонлықтан ҳәкимлерге бундай жерлерди халық ушн қолайлы жерлерге алмастырыў тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы халықтың усыныслары тийкарында жаңа имканиятларды белгилеп берди. Жылдың ақырына шекем және 20 мың гектар, келеси жылда 100 мың гектар егислик майдан халыққа ажыратылатуғыны атап өтилди. Сонда жәми 200 мың гектар болады.

– Бул оғада үлкен имканият. Бул арқалы қосымша 1 миллион 200 мың халықты бәнт етиўге шараят жаратылмақта. Ең тийкарғысы, аграр район ҳәкими, ҳәким жәрдемшиси бул мәселеге есап-санақ пенен қараса, азық-аўқат ҳәм жумыссызлар мәселесин биймәлел шешиўге болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Өним жетистириў ҳәм сатыўда халыққа көмеклесиў ушын мәҳәллелерге зүрәәтли туқым ҳәм нәл жеткериў, киши көлемли музлатқышлар орнатыў, ыссыханаларды көбетиў бойынша тапсырмалар берилди.

Бүгинги күнде 64 районда халық өз қыйтақ жеринен 3 мәрте зүрәәт алмақта. Зүрәәт жақсы болса, бир шаңарақ 60-100 миллион сумға шекем дәрамат алыўы мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы бундай жумысларды басқа районларда да хошаметлеў зәрүрлигин атап өтти.

Атап айтқанда, суў тәмийнаты аўыр мәҳәллелерде үлкен қудық қазыў қәрежетлери ушын ажыратылатуғын субсидия муғдары 150 миллион сумға шекем көбейтилетуғыны белгиледи. Киши қудықлар ушын Қарақалпақстанда  5 метрден, қалған аймақларда 10 метрден артық тереңликтиң ҳәр бир метрине 100 мың сумнан субсидия бериледи.

Қудық қазыўға гидрогеологиялық жуўмақлар 2025-жылға шекем бийпул бериледи. Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша берилетуғын субсидиялар дийқан хожалықлар ушын да енгизиледи.

Хожалықларға зыян келтирип атырған және бир машқала сонда, елимизде  2 миллион 600 мың шаңарақтың кадастр ҳүжжетлери жоқ. Олардың ийелери қыйтақ жер ушын кредит, субсидия және жайын кеңейтиўге ипотекадан пайдалана алмай атырғаны ҳаққында Халық қабыллаўханаларына көплеген мүрәжатлар түспекте.

Кала берсе, кадастры болмағаны ушын жер салығы 3 есе көп муғдарында есапланбақта.

Әдиллик министрлигине кадастры жоқ шаңарақлардың мәселесин үзил-кесил шешиў ушын өз алдына нызам жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.  Жаңа нызам қабыл етилгенге шекем, бул жайларға үш есе көбейтилген салық қолланыў тоқтатып турылады.

Мәжилисте аўыл хожалығы тараўындағы мәселелерге де тоқтап өтилди.

Ҳәкимлерге июль айының ақырына шекем 820 мың гектар майданда қайта егинлерди жайластырып, 11 миллион тонна өним жетистириў, келеси жылға шекем жеткиликли резерв жаратыў ўазыйпасы тапсырылды.

Белгили болғанындай, быйыл ғәллени жетистириў ҳәм сатып алыўды қаржыландырыў бойынша жаңа система жолға қойылды. Фермерлерге тартымлы баҳалар усынылғаны өз нәтийжесин берди. Июльде биржаға 88 мың тонна бийдай шығарылғаны есабынан, 1 тонна бийдайдың орташа баҳасы 30 процентке арзанлады.

Мәмлекетлик ресурсқа 1 миллион 842 мың тонна дән сатып алынды. Фермер ҳәм кластерлер тәрепинен дән кәрханаларына 574 мың тонна ғәлле сақлаў ушын қойылды.

Жуўапкерлерге бул ғәллени биржаға турақлы шығарып барыў және 1-октябрьге шекем фермер ҳәм кластерлер менен толық есап-санақ етиў бойынша көрсетпелер берилди.

Президентимиз мәмлекетлик уйымлардың нәтийжелилиги ҳәм орынлаў жуўапкершилигин арттырыў ҳаққында айтты.

– Самарқанд ўәлаятындағы үйрениўлер көп кемшиликлеримизди көрсетти. Алдымызда еле ең қыйын ҳәм аўыр реформалар тур. Ҳәмме өзгериўи, жумыс усылын да өзгертиўи керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм ҳәкимлер өз структурасы ҳәм жумыс усылларын өзгертиўи зәрүрлиги атап өтилди. Әдиллик министрлигине нызамшылықты ықшамластырыў, халыққа ҳәм исбилерменлерге қолайлықларды арттырыў бойынша көрсетпе берилди.

Есап палатасына қаржылардың жумсалыўы, әсиресе, қурылысты қаржыландырыў, субсидия ҳәм компенсация ажыратыў процесслерин санластырыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша Бас министрдиң орынбасарлары, ҳәкимлер, мәҳәлле баслықлары мәлимлеме берди.

ӨзА