Президент Шавкат Мирзиёев 15-июль күни Имам Бухарий қәбирин зыярат етти. Қуран оқылып, пәтия етилди.

Бизге белгили, бул уллы бабамыздың мақбарасы ислам дүньясы ушын теберик зыярат етиў орынларынан бири. Бүгинги күнде комплекс соған мүнәсип етип қайта қурылмақта. Дерлик 10 мың намаз оқыўшыларға мөлшерленген мешит, төрт минара, әйўанлар қурылмақта. Комплекс жанында мийманханалар, автомобиль туратуғын орынлар, автобәндирги, асханалар, саўда орынлары, тәҳәретханалар қурылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы жумысларды көзден өткерди, зыяратшыларға барлық қолайлықларды жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

– Иншааллаҳ, бул комплекс ашылғанынан кейин зыяратшылар және де көбейеди. Әсиресе, нуранийлар көп келеди. Олар ушын барлық қолайлықларды есапқа алыў керек. Бул жер тек ғана диний ҳәм ағартыўшылық емес, ал үлкен мәдений орай да болыўы зәрүр. Сол себепли ең жақсы гүлшилерди алып келип, комплексти қысы-жазы гүлзар етип қойыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Пүткил жаңаша көриниске ийе болып атырған комплекс зыярат туризминиң ири орайларынан бирине айланыўы ушын барлық имканиятлардың бар екени, олардан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екени атап өтилди.

Президентимиз Самарқанд районында қурылып атырған Туризм орайын да барып көрди.

Бул жерде 8 мийманхана, конгресс холл, «Мәңги қала» кәрўансарайы қурылмақта. Ескек есиў каналы тәртипке келтирилип, әтирапта парк қурылмақта.

Улыўма етип айтқанда, бул комплекс туризм тараўындағы барлық халықаралық стандартларға сәйкес екени, ең заманагөй хызмет көрсетиў потенциалы менен тек ғана Самарқанд ўәлаяты ҳәм мәмлекетимиз емес, ал пүткил регионда туризм индустриясын жаңа басқышқа көтереди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде халықаралық конференциялар өткериў ушын заманагөй шараятлар жаратыў, халқымыздың мәденияты, мәрипаты, миллий тағамларын көрсетиў бойынша усыныслар берди.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Самарқандқа сапары жуўмақланды.

ӨзА