Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Концерт-тамаша жумысын әмелге асырыў лицензиясы ушын мәмлекетлик бажы өндириў ҳәм усы лицензияға ийе шахсларды салыққа  тартыў системасын жетилистириў ҳәм көркем өнер ғайраткерлери ушын қолайлы дөретиўшилик орталық жаратыў мақсетинде:

  1. Концерт-тамаша жумысын лицензия тийкарында әмелге асыратуғын атқарыўшылардың рейтинг топарларының саны әмелдеги 6 дан 3 ке қысқартылсын.

Онда халыққа концерт-тамаша хызметлерин көрсетиў ҳуқықы атқарыўшылардың рейтинг топарлары арасында төмендегише бөлистириледи:

а) I рейтинг топар атқарыўшыларына:

республика аймағында ҳәм оннан тысқарыда жеке концерт шөлкемлестириў;

II ҳәм III рейтинг топарларының атқарыўшылары ушын нәзерде тутылған ҳуқықлардан  пайдаланыў;

б) II рейтинг топар атқарыўшыларына;

бир жанрдың еки ҳәм оннан көп атқарыўшыларының қатнасыўындағы концерт-тамаша бағдарламасында, ҳәр қыйлы жанрлар бағдарларының бир неше атқарыўшылар қатнасыўындағы концерт-тамаша бағдарламасында қатнасыў;

ғалаба хабар қуралларында қосықлар ҳәм видеоклиплер жәриялаў;

III рейтинг топар атқарыўшысы ушын нәзерде тутылған ҳуқықлардан пайдаланыў;

в) III рейтинг топар атқарыўшыларына:

той, юбилей, мереке, мәресим ҳәм салтанатлар, соның ишинде, тойхана, ресторан, дем алыў шөлкемлери (клуб, дискотека, бар ҳәм кафе) ҳәм жеке меншик үйлерде концерт-тамаша хызметлерин көрсетиў;

сәзенде ҳәм аяқ ойыншылар тәрепинен бир жанрдың ҳәм еки ҳәм оннан көп атқарыўшыларының қатнасыўшылары концерт-тамаша бағдарламаларын шөлкемлестириў ҳәм оларға қатнасыў;

  1. Концерт-тамаша жумысын әмелге асырыў лицензиясы ушын мәмлекетлик бажыны өндириў бойынша сондай тәртип енгизилсин, оған муўапық 2022-жыл 1-сентябрьден баслап:

а) мәмлекетлик бажы ставкалары төменлетиледи ҳәм төмендеги муғдарларда белгиленеди:

I рейтинг топар ушын базалық есаплаў муғдарының 20 есеси муғдарында;

II рейтинг топар ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында;

III рейтинг топар ушын базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында;

б) төмендеги көркем өнер ғайраткерлери мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи:

жасқа байланыслы пенсия алыў ҳуқықына ийе болған шахслар;

майыплығы болған шахслар;

билимлендириў мәкемелеринде оқыйтуғын студентлер – оқыў мүддети даўамында;

в) юридикалық тәреп шөлкемлестирген дөретиўшилик топарлардан мәмлекетлик бажы бирден-бир лицензия бойынша өндириледи. Онда:

лицензияда дөретиўшилик топар ағзалары толық көрсетиледи ҳәм олардан лицензия ушын мәмлекетлик бажы қосымша тәризде өндирилмейди, дөретиўшилик топар ағзасы бийғәрез атқарыўшы сыпатында дөретиўшилик еткен жағдайлар буған кирмейди;

дөретиўшилик топар, оның барлық ағзалары мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген шахслардан қуралған жағдайда ғана мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи.

  1. Мәденият министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитетиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

концерт-тамаша жумысын лицензия тийкарында әмелге асыратуғын физикалық тәреплерге дәрамат салығын декларация тийкарында ямаса қатаң белгиленген муғдарда төлеў ҳуқықын бериў;

2024-жыл 1-январьдан баслап қосықшылардан,  2026-жыл 1-январьдан баслап қалған атқарыўшылардан дәрамат салығын тек ғана декларация тийкарында өндириў.

  1. а) декларация тийкарында ямаса қатаң белгиленген муғдарда дәрамат салығын төлеў ҳуқықы 2024-жыл 1январьға шекем концерт-тамаша жумысын лицензия тийкарында әмелге асыратуғын басқа да физикалық тәреплерге 2026-жыл 1-январьға шекем берилетуғыны;

б) декларация тийкарында салық төлеўди таңлаған атқарыўшылар ушын:

жыллық улыўма дәраматтың 30 проценти муғдарындағы қәрежетлерди тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер талап етилмеген жағдайда шегирилетуғыны;

тастыйықланған қәрежетлер суммасы улыўма дәраматтың 30 процентинен асқан жағдайда қосымша түрде усы дәраматтың 10 процент муғдары шегирилетуғыны;

лицензия алыў ушын өндирилген мәмлекетлик бажы ҳәм социаллық салық суммалары қәрежет сыпатында дизимге алынатуғыны ҳәм дәраматлар қурамынан шегирилетуғыны;

в) қатаң белгиленген муғдардағы салық төлеўди таңлаған атқарыўшылардан дәрамат салығы бир жылда бир мәрте төмендеги муғдарларда өндирилетуғыны:

 I рейтинг топар  атқарыўшыларынан 2,7 миллион сум муғдарында;

II рейтинг топар атқарыўшыларынан 1,8 миллион сум муғдарында;

III рейтинг топар атқарыўшыларынан 1,0 миллион сум муғдарында белгилеп қойылсын.

  1. Сондай тәртип енгизилсин, оған бола:

2024-жыл 1-январьға шекем III рейтинг топар атқарыўшылары қатаң белгиленген муғдардағы салық төлеўден азат етиледи;

2025-жыл 1-январьға шекем концерт-тамаша жумысын лицензия тийкарында әмелге асыратуғын физикалық тәреплерден мийнет шәртнамасы тийкарында бәнт болмаған жағдайда олардан концерт-тамаша жумысы бойынша социаллық салық бир жылда базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында өндириледи;

концерт-тамаша жумысын лицензия тийкарында әмелге асыратуғын физикалық тәреплердиң юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиўден алған дәраматларынан, олар тәрепинен таңланған салық режимине қарамастан  физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық төлеў дәрегинен услап қалынады;

юридикалық тәреп шөлкемлестирген ҳалда концерт-тамаша жумысын лицензия тийкарында әмелге асыратуғын дөретиўшилик топарлар физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салықты юридикалық тәреплер ушын орнатылған тәртипте төлейди.

  1. Концерт-тамаша жумысын әмелге асырыў лицензиясы ушын мәмлекетлик бажы төлеми лицензия алған жылы әмелдеги тәртип бойынша, кейинги жыллардан баслап болса төмендеги тәртипте бөлистирилсин:

30 проценти – Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетине;

0,5 проценти – Мәлимлеме –коммуникация технолгияларын раўажландырыў қорының электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономиканы уйымлар аралық жойбарларын қаржыландырыў бойынша арнаўлы есап бетине;

 қалған қаржылар – лицензиялайтуғын ўәкилликли уйымның есап бетине.

  1. Мәмлекетлик салық комитети Мәденият министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте «Soliq» мобиль қосымшасында лицензия тийкарында концерт-тамаша жумысы менен шуғылланатуғын физикалық тәреплер ушын дәраматлар ҳаққындағы декларацияның дәрамат ҳәм қәрежетлерин күнлик тийкарда онлайн жүргизиў имканиятын жаратсын.

«Soliq» мобиль қосымшасын усы бәнттиң талаплары тийкарында жетилистириў қәрежетлери Мәмлекетлик салық комитетиниң бюджеттен тысқары қорының қаржылары есабынан қаржыландырылады.

  1. Мәденият министрлигине министрликтиң бюджеттен тысқары қорының қаржылары есабынан 2022-жылы 1 миллиард сумға шекемги қаржыны «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемесиниң жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм хызметкерлерин хошаметлеў ушын қаратыўға рухсат берилсин.
  2. Мәденият министрлиги:

Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте усы қарардан келип шығып, оранларда үгит-нәсият жумысын шөлкемлестириў арқалы атқарыўшылардың нызамлы тәртипте жумыс алып барыўына жәрдемлессин;

бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәденият министри О.Назарбеков белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын қадағалаў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлерлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының  Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары А.А.Джурабаевқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти              Ш.МИРЗИЁЕВ 

Ташкент қаласы,

2022-жыл 13-июль