Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов 14-15-июль күнлери мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизде болады.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер күн тәртибинен Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў, көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған.

Тийкарғы бағдардағы әмелий байланыслардың, соның ишинде, өз-ара саўда көлемин арттырыў, санаат кооперациясын жолға қойыў, транспорт-транзит потенциалын нәтийжели иске қосыў, суў хожалығы тараўында әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыў, аймақлараралық сөйлесиўди жеделлестириў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын даўам еттириў перспективалары дыққат орайында болады.

Мәмлекет басшылары халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысыўы күтилмекте.

Саммит жуўмағында Биргеликтеги билдириў ҳәм бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген.

Жоқары мәртебели мийман Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисинде ушырасыў өткериўи ҳәм Самарқанд қаласының дыққатқа ылайық орынлары менен танысыўы нәзерде тутылған.

Бул сапар етиўге таярлық шеңберинде 1-2 июль күнлери Ташаўыз қаласында Суў хожалығы мәселелери бойынша қоспа ҳүкиметлераралық комиссияның илажлары табыслы өтти.

12-июль күни пайтахтымызда еки тәреплеме қатнасықларды кеңейтиў ҳәм стратегиялық шериклик потенциалын әмелге асырыў мәселелерине бағышланған Өзбекстан – Түркменстан илимий-әмелий конференциясы болып өтти.

Сапар етиў алдынан Бухара қаласында биринши Аймақлар форумы, Исбилерменлер кеңесиниң мәжилиси және Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекши кәрханаларының көргизбеси өткерилмекте.

ӨзА