Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-июль күни Иран Ислам Республикасы Исламий Кеңеси Мәжлисиниң баслығы Муҳаммад Багир Қолибоф басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Өзбекстан менен Иран арасында көп қырлы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў, сондай-ақ, регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан  ҳәм Иран арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жоқары пәтлерде даўам еттириў ҳәм әҳмийетли бағдарларды кеңейтиўге хызмет етип атырған белсенди сөйлесиўлер менен жедел алмасыўларды қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Саўда-экономикалық тараўдағы бирге ислесиў көрсеткишлери өсип атырғаны бақланбақта – жыл басынан товар алмасыў 40 процентке, қоспа кәрхана ҳәм жойбарлардың саны 360 тан асты. Февраль айында Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси және еки мәмлекет исбилермен топарлары ҳәм жетекши кәрханалары ўәкиллериниң қатнасыўында бизнес-форум табыслы өткерилди. Келеси айларда бир қатар әҳмийетли еки тәреплеме илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Исламий Кеңес Мәжилисиниң баслығы Өзбекстан жетекшисине Иран Президенти Ибраҳим Раисийдиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерип, Иран тәрепи дос мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли қатнасықларды беккемлеў ҳәм әмелий мазмун менен байытыў бағдарында исенимли екенин атап өтти.

Сөйлесиўлерде өз-ара саўда көлеминиң кеңейиўи ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў, транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирликтеги жойбарларды алға қойыў,  илимий-техникалық алмасыў бағдарламаларын әмелге асырыў, аймақлар ҳәм исбилерменлер арасында байланысларды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Келисимлерди жеделлестириў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң перспективалы жойбарларын алға қойыў мақсетинде нәтийжели бирге ислесиў ҳәм өз-ара сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Аўғанстандағы жағдай бойынша да пикир алысылып, бул мәмлекетте узақ мүддетли тынышлыққа ерисиўди  ҳәм оның социаллық-экономикалық тиклениўи жолында жәрдемди кеңейтиў  әҳмийетли екени атап өтилди.

Буннан тысқары, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелери, соның ишинде, усы жыл сентябрь айында Самарқанд қаласында өткерилетуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммитиниң күн тәртиби көрип шығылды.

ӨзА