Үлкен теннис бүгинги күни дүнья жүзиндеги еӊ ғалаба ен жайған спорт түрлериниӊ бири болып табылады. Уимблдон, Роллан Гарос, US Open сыяқлы ири турнирлерге соӊғы жыллары қызығыўшылық артып бармақта.

Атап айтқанда, Өзбекстанныӊ барлық аймақларында болғаны сыяқлы Қарақалпақстан Республикасында да бул спорт түри раўажланып, ол жаслар арасында кеӊнен ен жаймақта. Әсиресе, Нөкис қаласы, Шымбай, Шоманай ҳәм Нөкис районларында теннис пенен шуғылланыўшы жаслар ушын заманагөй кортлардыӊ қурып питкерилиўи, қарақалпақстанлы спортшылар арасынан да мәмлекетимиз ҳәм халықаралық майданларда өткерилетуғын жарысларда жеӊимпаз болатуғын теннисшилердиӊ өсип  жетилисиўине тийкар жаратты.

Соныӊ ишинде, мениӊ өзим де 10 жылдан берли үлкен теннис пенен шуғылланып келмектемен. Теннис бойынша дәслепки 3 жылда Жулдыз Бектурсыновадан тәлим алған болсам, 2015-2017-жыллары Ташкент қаласындағы теннис академиясында Өзбекстан сайланды командасы бас тренери Самуг Обидовтан теннистиӊ әлўан түрли сырларын үйрендим ҳәм Самарқанд, Әндижан, Наманган, Бухара, Қашқадәрья ўәлаятларында өткерилген турнирлерде 1-орынды ийелеўге миясар болдым. Ал, 2018-жылы Қазақстанныӊ Шымкент қаласында өткерилген халықаралық жарыста жуплықта 2-орынды ийелеп, өз тәжирийбемди арттырдым.

Ҳәирги ўақытта болса, Нөкис қаласындағы 3-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде тренер сыпатында тенниске қызығыўшы балаларды тәрбиялап киятырман. Бүгинги күни спорт мектебимизге 70 тен аслам балалар қатнасып келмекте.

2021-жылдыӊ октябрь ҳәм 2022-жылдыӊ март айларында Өзбекстан Теннис Федерациясыныӊ бас хаткери Ирода Туляганованыӊ республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстанда  үлкен теннис бойынша еки халықаралық турнир шөлкемлестириў бойынша усыныс таярланып, оны өткериў бойынша келисип алынды.

Алдағы ўақытлары республикамызда үлкен теннистиӊ раўажланыўы ушын жас өспиримлерди пуқта таярлап, оларды Өзбекстан ҳәм халықаралық жарысларда жеӊимпаз етип тәрбиялаўға ҳәрекет етемен.

Султанбек Зарипов,

«Үмит ушқыны» көкирек белгиси ийеси,

спорт шеберлигине талабан.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.