Ҳәзирги ўақытта  республикамызда енгизилген айрықша жағдай ўақтында шегара бажыхана постлары арқалы пуқаралардың ҳәрекети ўақтынша тоқтатылған болса да, жүк автомашиналары турақлы ҳәрекетленбекте.

Бирақ, айырым қостырнақ ишиндеги «исбилерменлер»жағдайдан ғәрезли мақсетте пайдаланып,  мәмлекет бюджетине төленетуғын төлемлерден қашып қалыўға ҳәрекет етпекте. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара постына қоңсылас Қазақстан Республикасынан пуқара Э.Д.басқарыўында кирип келген «VOLVO» маркалы жүк автомашинасының салмағы аўырлығы постда орнатылған автотәрезиде өлшенгенде, ҳүжжетлерде көрсетилген салмақ пенен айырмашылық анықланып, бажыхана тексериўинен өткерилди.

Нәтийжеде, жол-жүк ҳүжжетлеринде көрсетилгенинен артықша болған дәслепки сораўға қарағанда баҳасы 234 миллион сумлық, жәми 311850 дана шийше банка консерва қақпақларын Түркиядан алып киятырғаны анықланды. Бул затлар нызамлы түрде бажыхана рәсмийлестирилиўине усыныс етилгенде, мәмлекетимиз бюджетине шама менен 57 миллион пул қаржысы өткерилген болар еди.

Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.