Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен қойырқомлық илажы өткерилди.

Атап айтқанда, Нөкис қаласы ҳәм районлардан 2000 кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айрылған шаңарақтың ҳәр бирине 200 мың сумлық азық-аўқат өними тапсырылды.

-Ҳәр бир байрам күнлери жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алыў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден бири,-дейди «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Әдилбай Сапаров.- Адамгершилик, жақсылық, шүкиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт байрамы  күнлери өткерилген қайырқомлық илажына үлесимизди қосқан ҳалда  Нөкис қаласындағы 500, районлардан 1500 «Темир дәптер» ге киргизилген,  кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айырылған шаңараққа жәми 400 миллион сумлық қайырқомлық жәрдем көрсетилди.

Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.