Соңғы жылларда республикамызды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша үлкен мақсетлер белгиленип, ири қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Әсиресе, жаслардың билим алыўы, тәрбиясына баслы итибар қаратылып, тараўдағы жумыслардың нәтийжелилигине ерисиў, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң санын көбейтиў ҳәм сапасын арттырыў бағдарында бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди.

Бүгинги күнде республикамызда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январьдағы ПҚ-98-cанлы қарары тийкарында 34 миллиард 678 миллион сумлық қаржы есабынан, жәми 9 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде (соннан, 3 бақшада жаңа қурылыс ҳәм 6 бақшада реконструкция, жәми 840 қосымша орын) қурылыс, оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2022-жыл 23-24-февраль күнги Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм 25-февраль күни сектор басшылары ҳәм белсендилериниң қатнасыўында өткерилген мәжилис протоколы тийкарында 48 миллиард 900 миллион сумлық қаржы есабынан, жәми 13 (5 бақшада жаңа, 8 бақшада реконструкция) мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде (жәми 980 қосымша орын) қурылыс, реконструкция жумысларын алып барыў режелестирилди.

– Бүгинги күнде бул объектлердиң тендер саўдалары жуўмақланып, қурылыс жумыслары басланды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри Г.Бахиева. – Сондай-ақ, 2022-жылғы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында 9 МШБШ да (5 бақшада жаңа қурылыс, 1 бақшада реконструкция, 2 бақшада капитал оңлаў, 1 бақшада ағымдағы) қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.

Нәтийжеде, жаңадан 480 қосымша орын қосылады.  Бүгинги күнде бул объектлердиң де тендер саўдалары жуўмақланып, қурылыс жумыслары басланған.

Усы бағдарда республикамыздағы қала ҳәм районларға бириктирилген ўәлаятлардың қәўендерлигинде де жумыслар әмелге асырылмақта. Яғный, 20 миллиард 620 миллион сумлық, жәми 12 мәмлекетлик (7 бақшада жаңа, 2 бақшада реконструкция, 3 бақшада ағымдағы) МШБШ ны қурыў, оңлаў режелестирилмекте. Атап айтқанда, Шоманай районында 2 бақшада жаңа қурылыс, Мойнақ районында 2 бақшада жаңа, 1 бақшада ағымдағы, Шымбай районында 1 бақшада жаңа, 2 бақшада ағымдағы, Қараөзек, Тақыятас районларында бир-бирден жаңа, Бозатаў районында 2 бақшада реконструкциялаў жумыслары алып барылады.

Буннан басқа 21 МШБШ да ағымдағы оңлаў жумысларын алып барыў нәзерде тутылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында 15,5 миллиард сумлық, жәми 6, соннан жергиликли бюджет есабынан 3 (1 бақшада жаңа қурылыс, 2 бақшада реконструкция), қәўендерлик есабынан 3 (2 бақшада жаңа қурылыс, 1 бақшада реконструкция) МШБШ ны қурыў, реконструкциялаў белгиленген. Ҳәзирги күнде усы объектлерде қаржыландырыў 8 миллиард 096,7 миллион сум (52 процент), жумыс көлеми 6 миллиард 951,3 миллион сум (44,6 процент)ды қурамақта. Беруний районындағы 1 қәўендерлик объектиниң қурылыс жумыслары жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-апрель күнги «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр мәҳәллелеринде социаллық-экономикалық, турмыслық ҳәм инфраструктуралық жағдайына байланыслы машқалаларды шешиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2021-жылы (лимит 27 миллиард сум) 22,7 миллиард сумлық 5 жаңа қурылыс жумысларын алып барыў режелестирилген болып, ҳәзирги күнде бул объектлерде тийисли  жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде бул объектлердеги жумыслардың 76,2 проценти орынланды.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жыл 4-май күнги 3 район бойынша (Қараөзек, Шымбай, Кегейли) шығарылған қарарлары тийкарында, жәми 7, соннан 6 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм 1 мектепке шекемги билимлендириў бөлимин жаңадан қурыў режелестирилген. Бүгинги күнде усы объектлердиң қурылыс жумысларының 69 проценти жуўмақланды.

2022-жылы республикамызда мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жәми 7, улыўма қуўатлылығы 845 орынлық мәмлекетлик емес МШБШ жумысларын жолға қойыў режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытта 1 жойбар толық иске түсип, пайдаланыўға тапсырылды. Басқа 6 жойбар бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги