Қайырқомлық                          

Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети қайырқомлық акциясы өткерилди.

Атап айтқанда, Нөкис қаласынан 90, Хожели, Нөкис, Тақыятас районларының ҳәр биринен 30 дан,  жәми 180 кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айырылған шаңарақларға 36 миллион сумлық азық-аўқатлық затлар тапсырылды.

– Тынышлық, шүкиршилик, мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат белгиси болған теберик әййямда бундай қайырқомлық илажларын өткериў айрықша әҳмийетке ийе,-дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов.-Байрам күнлери пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратқан ҳалда кем тәмийинеленген, социаллық жәрлемге мүтәж, бағыўшысынан айырылған шаңарақларға, пенсионер ҳәм жалғыз кекселер, майыплығы болған шахсларға қайырқомлық илажы көрсетилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.