Ҳүрметли ўатанласлар!

Мине, усындай пайызлы мәўритлерде Жер жүзиндеги жәми мусылман үммети қатарында кеўли қуўанышқа толып турған сиз, әзизлерди – нураный аталарымыз бенен апаларымызды, қәдирли аға-ини ҳәм әжапа-қарындасларымызды, нәўқыран жасларымызды, ийманлы-инсаплы халқымызды уллы байрам – Қурбан ҳайты менен шын жүректен қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Усы бахытлы күнлерде ҳәммемиз бәринен бурын, Ийд ал-адҳа байрамына елимиз бенен биргеликте тынышлық-аманлық ҳәм беккем денсаўлықта жеткергени ушын Жаратқанға шексиз шүкирлер айтатуғынымыз тәбийғый болып есапланады.

Ҳәммемизге белгили, Ислам дини бәринен бурын, тынышлық, жақсылық ҳәм инсаныйлық дини болып есапланады.

Муқаддес Қураны кәримниң жүзден аслам аятларында тынышлыққа шақырылған, атап айтқанда, «Бақара» сүресинде: «Әй, ийман келтиргенлер! Тынышлық исине кирисиңиз!» – деп мәрҳәмат етилген.

Ҳәзирги оғада қурамалы ҳәм қәўипли заманда тынышлық-парахатшылықтың қәдирине жетиў, оны көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў ҳәм беккемлеў сыяқлы өткир талаплар елимизде жасап атырған ҳәр бир мөмин-мусылман, ҳәр бир инсан ушын ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып тур десек, саррас ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Бул ийгиликли ҳәм муқаддес ўазыйпа Өзбекстанда жасап атырған ҳәр бир пуқараның кеўил қәтержамлығы ҳәм инсаныйлық парызына айланып, ғәрезсизлигимизди беккемлеў, халқымыздың тыныш, еркин ҳәм абадан турмысын, перзентлеримиздиң жарқын келешегин тәмийинлеў жолында әҳмийетли фактор болып хызмет ететуғынына исенемен.

Ҳүрметли дослар!

Алла таала тәрепинен әзиз ҳәм пүтин жаратылған инсанды, оның абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм ҳүрметин улығлаў сыяқлы муқаддес түсиниклерди өзинде сәўлелендирген бул байрам елимизде инсан қәдирин көтериў, халқымызды турмыстан разы етиў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларымыздың мазмун-мәнисине ҳәр тәреплеме сәйкес ҳәм үнлес екени менен әсиресе итибарлы болып есапланады.

Кейинги жылларда елимизде миллий-диний қәдириятларды тиклеў ҳәм раўажландырыўға ҳәр тәреплеме итибар қаратылмақта. Теберик зыярат етиў орынлары ҳәм ески мешит ҳәм медреселерди абат етиў ата-бабаларымыздың бийбаҳа руўхый-ағартыўшылық мийрасын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында алып барылып атырған жумысларымыз халқымыз ҳәм дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынып атырғаны бәршеңизге жақсы белгили.

Әсиресе пуқараларымыздың диний исеними бағдарындағы ҳуқықлары менен еркинликлери толық тәмийинленип, мөмин-мусылманларымыз сыйыныў әмеллерин емин-еркин атқармақта.

Бул туўралы сөз болғанда еки жыл коронавирус пандемиясы шеклеўлеринен кейин усы жылы 12 мың ўатанласымыз муқаддес ҳаж әмеллерин орынлаў имканиятына ийе болғаны, соңғы  6 айда 40 мыңға шамалас ўатанласымыз умра зыяратын атқарғанын атап өтиў керек.

Кейинги жылларда қәлиплескен жақсы дәстүримизге муўапық, Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен жәрияланған дем алыс күнлери ўатанласларымызға бул байрамды өз шаңарағы ҳәм жақынлары қушағында және де мазмунлы өткериў, гөззал ҳәм бийтәкирар елимиз бойлап кеўилли саяхатларды әмелге асырыў ушын имканият жаратады.

Биз теберик динимиз ҳәм өлмес қәдириятларымыз, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, сақаўат ҳәм аўызбиршилик, сабыр-қанаат ҳәм шүкиршилик сыяқлы уллы пазыйлетлерди беккемлеп киятырған мүбәрек Қурбан ҳайтының өлмес дәстүрлери әсирлер даўамында адамларды, ҳәр түрли миллетлер менен халықларды бирлестириўши шексиз руўхый күш болып хызмет етип атырғаны менен мақтаныш етемиз.

Пурсаттан пайдаланып, дүньяның узақ ҳәм жақын мәмлекетлеринде жасап атырған мусылман дос ҳәм бирәдарларымызды, сырт елли шериклеримизди бул әзиз әййям менен қутлықлап, оларға турақлы тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймиз.

Әзиз ўатанласлар!

Бәршеңизди муқаддес Қурбан ҳайыты байрамы менен және бир мәрте қутлықлайман.

Ел-журтымыздың бул мүбәрек айда еткен ибадатлары ҳәм жақсы нийетлери орынлансын!

Алла таала гөззал елимизди, кеңпейил халқымызды ҳәмийше өз панасында сақласын!

Әзиз Ўатанымызда барқулла тынышлық-турақлылық даўамлы болсын!

Ийгиликли ислеримизде, умтылысларымызда Жаратқанның Өзи ҳәмийше мәдәткар болсын!

Шавкат Мирзиёв

Өзбекстан Республикасы Президенти