Соӊғы жыллары елимизде халқымыз арасында китипқумарлықты раўажландырыў ҳәм сол арқалы адамлардыӊ руўхый дүньясын, дүньялық билимлерин байытыў мақсетинде, Президентимиз Ш.Мирзиёевтиӊ басшылығында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтатуғын болсақ,  оқыўшы жаслар ҳәм шаӊарақлар арасында китапқумарлық таӊлаўлары шөлкемлестирилип, олар автомашиналар ҳәм басқа да баҳалы сыйлықлар менен сыйлықланбақта. Соныӊ ишинде, халқымыздыӊ руўхый дүньясын кеӊейтиўде республикамыздағы «AVANGARD-BASPA» тәрепинен бир қатар жаӊа китаплар басып шығарылмақта.

―Баспамыз жумыс баслаған қысқа дәўир ишинде, жүзден аслам атамадағы ҳәр қыйлы көркем әдебий, көркем публицистикалық китаплар, илимий-көпшилик сабақлықлар, оқыў қолланбалары басып шығарылды,―дейди бизге баспа директоры Ислам Сержанов.―Ҳәзирги күнлери де баспамыз хызметкерлери тәрепинен бул әмелий жумыслар даўам етпекте. Себеби, халықтыӊ руўхый дүньясын байытпай турып, жәмийетте алға илгерилеў де, раўажланыў да болмайды.

Ҳақыйқатында да, «китап билим булағы, билим ақыл шырағы» дегениндей китаптыӊ жәмийетимиз турмысыныда тутқан орны айрықша болып табылады. Буны ҳәммемиз жақсы түсиниўимиз ҳәм оған әмел етиўимиз тийис.

Қарақалпақстан хабар агентлиги