Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 14-февральдағы «Өзбекстан спортшыларының гезектеги жазғы ҳәм қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына табыслы қатнасыўы ушын таярлық жумысларын жеделлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-127-санлы қарарына муўапық:

  1. 2026-жылы Милан ҳәм Кортина-д´Ампеццо қалаларында (Италия) болып өтетуғын ХХV қысқы Олимпиада ҳәм ХIV Паралимпия ойынларына (кейинги орынларда – қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынлары) төмендегилер Өзбекстан спортшыларын комплесксли таярлаўдың әҳмийетли ўазыйпалары етип белгиленсин:

алдыңғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў арқалы аймақларда зәрүр инфраструктураны жаратыў;

қысқы спорт түрлери бойынша мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемелери, клублар ҳәм дөгереклер тармағын кеңейтиў, олардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў;

қолда бар потенциал ҳәм имканиятлардан келип шығып, аймақларды қысқы олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлерине қәнигелестириў, усы аймақларда қысқы спорт түрлерин раўажландырыў;

қысқы спорт түрлери бойынша миллий сайланды команда ағзаларын қәлиплестириў, сондай-ақ, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық жарысларда олардың қатнасыўын тәмийинлеў.

  1. Төмендегилер:

2026-жылы Милан ҳәм Кортина-д´Ампеццо қалаларында (Италия) болып өтетуғын ХХV қысқы Олимпиада ҳәм ХIV Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын комплексли таярлаў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық;

2026-жылы Милан ҳәм Кортина-д´Ампеццо қалаларында (Италия) болып өтетуғын ХХV қысқы Олимпиада ҳәм ХIV Паралимпия ойынларына  таярлық көриў бойынша мақсетли көрсеткишлер (кейинги орынларда – Мақсетли көрсеткишлер) 2-қосымшаға муўапық;

2026-жылы Милан ҳәм Кортина-д´Ампеццо қалаларында (Италия) болып өтетуғын ХХV қысқы Олимпиада ҳәм ХIV Паралимпия ойынларына  таярлық көретуғын Өзбекстан миллий сайланды командаларының контингенти 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилер бағдарламаны қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

спорт ҳәм ғалаба денетәрбия илажларының календарь режесинде нәзерде тутылатуғын Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджетлери ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджети қаржылары;

спорт федерация (ассоциация)лары, қорлары, клублары, сондай-ақ, денетәрбия ҳәм спорт жәмийетлериниң қаржылары;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Қурылыс министрлиги және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң 2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде:

фигуралы ушыў, конькиде ушыў, шорт-трек, кёрлинг, хоккей, парахоккей ҳәм паракёрлинг бойынша профессионал спортшы, қәнигели тренер ҳәм басқа да қәнигелерди таярлаў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети аймағында заманагөй муз сарайы жаратыў;

Ташкент ўәлаяты, Бостанлық районы, Чимён аўылында фристайл, таў шанғысы, сноуборд, паратаў шанғысы, парасноуборд, парахоккей, паракёрлинг сыяқлы спорт түрлери бойынша Республикалық жоқары спорт шеберлиги мектебине қараслы «Пахтакор» спорт базасы тийкарында қысқы спорт түрлери бойынша миллий сайланды командасының ағзалары ушын 60 орынға мөлшерленген Олимпия таярлық орайын шөлкемлестириў;

Ташкент қаласында Қысқы спорт түрлери бойынша республикалық қәнигелестирилген спорт мектебин шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Спортты раўажландырыў минстрлиги Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Қурылыс министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Қысқы спорт түрлери бойынша республикалық қәнигелестирилген спорт мектебиниң жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине белгиленген тәртипте киргизсин.

  1. Қысқы Олимпия ҳәм Паралимпия ойынларына спортшыларды комплексли таярлаў ҳәм олардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде 2023-жылдан баслап ҳәр жылы спорт ҳәм ғалаба денетәрбиясы илажларының республикалық календарь режесинде қысқы Олимпиада ойынлары бағдарламасына киргизилген спорт түрлери (республикалық спорт жарыслары, халықаралық спорт жарыслары, оқыў-шынығыў жыйынлары, Азия және Жәҳән чемпионатлары ҳәм кубоклары) ушын 15 миллиард сумға шекем қаржылар ажыратыў нәзерде тутылатуғыны;

қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған Өзбекстан спортшылары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 14-февральдағы «Өзбекстан спортшыларының гезектеги жазғы ҳәм қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына табыслы қатнасыўы ушын таярлық жумысларын жеделлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-127-санлы қарарының 1-бәнтинде көрсетилген муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мақсетли көрсеткишлер:

қысқы Олимпиада ойынлары бойынша 29 бағдарламада қатнасыў және 7 спорт түри бойынша 8 лицензияны қолға киргизиў, соның ишинде, 3 перспективалы олимпиада спорт түри бойынша (шанғыда жуўырыў, фристайл ҳәм кёрлинг) бойынша 10 бағдарламада қатнасыўы;

қысқы Олимпиада ойынлары бойынша 4 бағдарламада қатнасыў және паратаў шанғысы бойынша 2 лицензияны қолға киргизиў, соның ишинде, парахоккей бойынша бағдарламада қатнасыўды нәзерде тутатуғыны белгилеп қойылсын.

Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети:

Мақсетли көрсеткишлердеги қысқы спорт түрлери бойынша бағдарламаларда спортшылардың қатнасыўын тәмийинлесин, бул бойынша спорт федерация (ассоциация) ларының жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин;

спорт федерация (ассоциация)ларының басшылары менен биргеликте спортшылардың Мақсетли көрсеткишлердеги бағдарламаларда қантасыўы ҳәм лицензияларын қолға киргизиўи ушын жуўапкер екени белгиленсин.

  1. Әндижан, Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья, Ташкент, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий Олимпия комитети ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитети менен биргеликте еки ай мүддетте қысқы спорт түрлерин раўажландырыў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажлар режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:

Әндижан, Самарқанд, Сурхандәрья, Фергана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласын фигуралы ушыў, хоккей, шорт-трек, кёрлинг, парахоккей, паракёрлинг спорт түрлерине қәнигелестириў;

Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларының таўлы аймақларын таў шанғысы, сноуборд, фристайл, ski -альпинизм, паратаў шанғысы, парасноуборд спорт түрлерине қәнигелестириў;

алдыңғы ҳәм инновациялық технологияларды тартқан ҳалда потенциалы жоқары аймақларда зәрүр инфраструктураны жаратыў, бул бағдарда инвесторларды тартыў, оларға бос жер майданларын белгиленген тәртипте ажыратыў ҳәм қурылыс жумысларына рухсат бериў;

таўлы аймақларда жайласқан спорт-билимлендириў мәкемелеринде таў шанғысы ҳәм ski –альпинизм бойынша бөлимлер шөлкемлестириў ҳәм олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

муз сарайлары бар аймақларда фигуралы ушыў, конькиде ушыў, шорт-трек, кёрлинг, хоккей, парахоккей, паракёрлинг бойынша бөлимлер шөлкемлестириў ҳәм олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

қысқы спорт түрлери бойынша мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў, олардың жумысын қоллап-қуўатлаў;

қысқы спорт түрлери бойынша аймақлар кесиминде миллий сайланды командамыздың ағзаларын қәлиплестириў ҳәм 2023-жылдан баслап республикалық жарысларда олардың қатнасыўын толық қаржыландырыў;

бар потенциал ҳәм имканиятлардан келип шығып, аймақларда қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына спортшыларды таярлаў бойынша қәўендерлерди бириктириў.

  1. 2026-жылы Милан ҳәм Кортина-д´Ампеццо қалаларында (Италия) болып өтетуғын ХХV қысқы Олимпиада ҳәм ХIV Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын комплексли таярлаў мақсетинде спорт федерация (ассоциация)ларына бириктирилген спорт базаларының дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети тийисли министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер менен биргеликте спорт федерация (ассоциация)лары тәрепинен усы қарарға 4-қосымшаға муўапық бириктирилип атырған спорт базаларынан турақлы түрде пайдаланыўын, зәрүр шараятлар жаратылыўын тәмийинлесин. Онда, усы илажлар өз системасында спорт базалары болған министрлик ҳәм уйымлардың қаржылары есабынан әмелге асырылады.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети менен биргеликте:

Бағдарламаның орынланыўын системалы таллаў ҳәм мониторинг етиў, жуўапкер министрлик, уйым ҳәм шөлкемлерге жәрдем бериў ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў, көрилип атырған илажлардың нәтийжелери, миллий сайланды командалардың қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көриў жағдайы,  Бағдарламаға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша тийкарлы усынысларды ислеп шығыў ҳәм киргизип барыў;

Мәпдар министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер және спорт федерация (ассоциация) ларын тартқан ҳалда спорт базаларын қурыў ҳәм реконструкциялаў және оларды заманагөй спорт әнжамлары ҳәм инвеньтарлары менен тәмийинлеў, сондай-ақ, миллий сайланды командаларды таярлаў ушын қолайлы социаллық, турмыслық ҳәм материаллық шараятлар жаратыў бойынша жумысларды өз ўақтында ҳәм сапалы шөлкемлестириўди тәмийинлесин.

  1. 2026-жылы Милан ҳәм Кортина-д´Ампеццо қалаларында (Италия) болып өтетуғын ХХV қысқы Олимпиада ҳәм ХIV Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаў бойынша Республикалық комиссия (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) шөлкемлестирилсин және оның қурамы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Республикалық комиссия (А.Арипов):

еки ай мүддетте қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына пухта таярлық көриў мақсетинде спорт федерация (ассоциация)ларына зәрүр шараятлар жаратыў ушын оларды тийисли министрлик, уйым ҳәм шөлкемлерге бириктирсин, сондай-ақ, бул бағдарда усы шөлкемлердиң анық ўазыйпаларын белгилесин;

қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына пухта таярлық көриў ушын зәрүр болатуғын бюджет, бюджеттен тысқары қаржылар, сондай-ақ, қәўендерлик қайырқомлықлардың муғдарын көрип шықсын ҳәм белгилесин;

Бағдарламада нәзерде тутылған және мәпдар министрлик, уйым ҳәм шөлкемлерге жүкленген ўазыйпалар менен тапсырмалар өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынланыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын, Бағдарламаға муўапық әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслардың орынланыўын ҳәр шеректе додалаў ҳәм кемшиликлерин өз ўақтында сапластырыў илажларын көрип барсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети ҳәм Өзбекстан миллий паралимпия комитети менен келискен ҳалда еки ай мүддетте миллий сайланды команда спортшыларының қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына сапалы таярлық көриўин тәмийинлеў мақсетинде усы қарарға 2-қосымша менен тастыйықланған Мақсетли көрсеткишлерге ерисиў бойынша аймақлық бағдарламаларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын. Онда:

бюджеттен тысқары қаржылар ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан спорт базаларын қурыў, қайта қурыў, капитал оңлаў, сондай-ақ, олардан толық ҳәм нәтийжели пайдаланыў ушын тийисли шараятлар жаратыў, заманагөй спорт әнжамлары ҳәм үскенелери, соның ишинде, автотранспорт қураллары   менен тәмийинлеў;

қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көрип атырған миллий сайланды команда спортшылары, тренерлер ҳәм басқа да қәнигелерди материаллық ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс шараятын жақсылаў;

республикалық ҳәм халықаралық спорт илажлары және оқыў-шынығыўлары жыйынларына қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көрип атырған аймақлық сайланды команда спортшылары, тренерлери ҳәм басқа да спорт қәнигелериниң үзликсиз қатнасыўын тәмийинлеў;

орынларда қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў, методикалық қоллап-қуўатлаў ҳәм мониторинг етиў мақсетинде спорт федерация (ассоциация)ларының аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириў, сондай-ақ, олардың қаржы ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы қарардың мазмун-мәниси, қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көрип атырған Өзбекстан спортшылары ҳаққында қысқа метражлы видеороликлер және арнаўлы көрсетиўлер таярланыўын ҳәм ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириўди тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 4-февральдағы ПҚ-4583-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстанда қысқы спорт түрлерин 2020-2023-жылларда раўажландырыў бағдарламасына 6-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов, Өзбекстан Миллий олимпия комитети баслығының биринши орынбасары Р.С.Ирматов, Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң баслығы М.М.Ташходжаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2023-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 1-июль