Кеше Тәжикистан Республикасында Азия футбол конфедерациясыныӊ кубоги жарысында Жиззақтыӊ “Сўғдиёна” командасы Түркменстанныӊ “Алтын Аср” клубына қарсы гүрес алып барды.
Қызықлы өткен ушырасыўда жиззақлылар 3:1 есабында жеӊиске ерисип, кейинги басқыш жолламасын қолға киргизди.
Атап айтқанда, ушырасыўдыӊ 20-минутында Жасур Хасанов есапты ашқан болса, 48-минутта Жавохир Қаҳраманов екинши, 60-минутта және Жасур Хасанов «Сўғдиёна»ныӊ үшинши голын урыўға миясар болды.
Енди Улуғбек Бақоев шәкиртлери Орайлық аймақтыӊ аймақлық ушырасыўында Тәжикстанныӊ “Хўжанд” командасына қарсы ойынға түседи. Бул ойын август айында болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы