26-29-июнь күнлери Ташкент қаласында миллий гүрес бойынша улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары арасында Өзбекстан Республикасы чемпионаты болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардан жас палўанлар қатнасты.

Жарыста бизиӊ республикамыздың сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнасып қайтты.

Атап айтқанда, командамыз ағзаларынан 5-6-класс оқыўшылары арасында 32 кг салмақта Әмиўдәрья районындағы  64-санлы мектептиң 5-класс оқыўшысы Адхам Юсупов,  7-8-класс оқыўшылары арасында 38 кг салмақта Шымбай районындағы 14-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы Камалатдин Сарсенбаевлар сыйлы үшинши орынды ийелеген болса, 9-11-класс оқыўшылары арасында 46 кг салмақта Хожели районындағы 28-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Алишер Искендеров барлық қарсыласларын жеӊип шығып, Өзбекстан чемпионы атағына миясар болды.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириӯшилер тәрепинен арнаўлы Диплом, медаль ҳәм естелик саӯғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы