Жаслар арасында футбол бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын жарысларда келеси басқыштың қатнасыўшылары анықланды.

 Мини-футбол бойынша плей-офф басқышы ойынларында Қоңырат районы-Нөкис қаласы командаларының ушырасыўы 0:4, Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районлары командаларының ушырасыўы 1:7 есабында жуўмақланды. Хожели-Нөкис районлары командаларының ушырасыўы 2:2, Төрткүл -Қанлыкөл районлары командаларының ушырасыўы 4:4 есабында жуўмақланып, пенальтилер бойынша Нөкис ҳәм Төрткүл районларының командалары жеңиске еристи.

Мини-футбол бойынша ярым финалда Нөкис қаласы-Нөкис районы, Төрткүл ҳәм Тахтакөпир районлары, футбол бойынша ярым финалда Қоңырат-Әмиўдәрья районлары,  Тахтакөпир районы ҳәм Нөкис қаласы командалары өз-ара ушырасады. Ярым финал ойынлары мини-футбол бойынша 6-июль күни, футбол бойынша 4 июль күни болып өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги