Алдын «Барселона»ны басқарған Роналд Куман клубтың тактикасы ҳаққында айтып өтти. Ол буны ески деп есаплайды.

«Барса» өтмиште жасайды, 4-3-3 тактикасында ойынды даўам етеди. Бирақ ҳәзирги футбол басқаша – көбирек тезлик. Өтмиште жасаў – сатып болмайтуғын бийбаҳа нәрсе.

Мен ойында үстинликтиң тәрепдарыман, лекин соны айтаман: бес қорғаўшы ямаса үш орайлық қорғаўшыдан ибарат схема улыўма екинши дәрежеде ойнайсаң дегени емес. Биз усы схема бойынша ойнап, ақырғы ойынлардың ең жақсы ойынларын көрсеттик, деп исеним менен айта аламан – дейди Куман Диарио Спорт баспасына берген интервюинде.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги