«Реал»дың ярым қанат қорғаўшысы Марко Асенсио жаз айында командасын өзгертиўи мүмкин. «Челси» футболшыны алыў ушын гүресип атыр. Алдын испаниялы футболшының ойынларына «Манчестер Юнайтед», «Ливерпуль» ҳәм «Милан» клублары қызығыўшылық билдирип атырғаны бойынша рәсмий дәреклерде хабар берилген еди.

Марконың Мадрид клубы менен әмелдеги шәртнамасы 2023-жылдың жаз айында жуўмақланды. Марко өткен мәўсимди жоқары дәрежеде өткерди – «Реал» қурамында 42 ойында 12 гол ҳәм 2 голлы асистти әмелге асырған. Футболшының трансфери 40 миллион евроға баҳаланбақта.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги