Мойнақ районында Аралдың қурыған ултанында биринши мәрте өткерилген пляж футболы ҳәм волейболы бойынша «Muynak Sand Cup-2022» супертурнириниң жеңимпазлары анықланды.
Жарысты шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, аймақта спорт ҳәм фестивальлар туризмин раўажландырыў, Өзбекстан Республикасында пляж футболы ҳәм волейболын ғалаба ен жайдырыў, сондай-ақ, жас әўладты жазғы спорт түрлерине кеңнен тартыўдан ибарат. Буннан тысқары, турнирди шөлкемлестириў арқалы районда туризм тараўында жумыс алып барып атырған кәрханаларды ҳәм хызмет көрсетиў тараўын қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылды.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлиги, Қарақалпақстан футбол ассоциациясы ҳәм район ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген жарыс жасларда айрықша қызығыўшылық оятты. Онда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген 120 дан аслам спортшы қатнасты.
Жарыс жуўмағында пляж футболы бойынша биринши орынды Мойнақ районы, екинши орынды Төрткүл районы, үшинши орынды Қоңырат районының командалары ийеледи.
Пляж волейболы бойынша қызлар арасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы биринши, ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командасы екинши, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң командасы үшинши, ерлер арасында Өзбекстан дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының командасы биринши, Тахтакөпир районының командасы екинши, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң командасы үшинши орынларды қолға киргизди.
Жарыс жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы