Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының кубоги ушын дәстүрий «Парламент ойынлары»  жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң 2020-жыл 30-декабрьдеги «Парламент ойынлары»  спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, сенаторлар ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзаларын денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўға тартыў, халқымыздың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде өткерилип атырған жарыс қатнасыўшылары мини футбол, волейбол, стол тенниси ҳәм бадминтон бойынша жарысты.

Жарыстың республикамыз басқышында жеңимпазлар анықланып, жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов жеңимпазларды қутлықлап, Хорезм ўәлаятында болып өттуғын аймақлық басқышта да әўмет тиледи.

Жарыс жуўмағында мини футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси аппараты хызметкерлери, волейбол бойынша халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң депутатлары командалары биринши орынларды ийеледи. Стол тенниси бойынша ерлер арасында халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң депутаты Инамжан Балтабаев, ҳаял-қызлар арасында халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң депутаты Гүлзийра Садықова, бадминтон бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Зухра Реймова жеңимпаз болып, аймақлық басқышқа жоллама алды.

«Парламент ойынлары» жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы