Бүгин Қубла Кореяда таэквондо бойынша Азия чемпионатына старт берилди. Қуўанышлы тәрепи сонда 68 кг салмақта қатнасқан Токио Олимпиадаси чемпиони Улығбек Рашитов финалда Заид Карим менен даянға шығып, еки раундта да жеӊиске ерисип, Азия чемпионына айланды.
Сондай-ақ, финалға шекем палестиналы Фаҳид Абдулразоқ, монголиялы Энгболд Буяншагаи, ярым финалда иранлы Бозоргишоб Дариалди жеӊип шығыўға еристи.
Ал, ҳаял-қызлар арасында 53 кг салмақта қатнасқан Чарос Қаюмова болса, финалға шекем барлық қарсыласларын жеӊип шықты.
Финал ушырасыўында болса, иранлы Наҳид Кияничандеҳ пенен ушырасып, оннан тилекке қарсы 0:2 есабында жеӊилип қалды ҳәм Азия чемпионатыныӊ гүмис медалы менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы