Бүгин Монголияныӊ Улан-Батор қаласында дзюдо бойынша «Үлкен дубылға» дүркимине кириўши жарыс басланды.
Оған дүньяныӊ 30 мәмлекетинен 250 ден аслам палўанлар қатнаспақта. Бул жарысларда ерлер 60, 66, 73, 81, 90, 100, +100 кг, ҳаял-қызлар 48, 52, 57, 63, 70, 78, +78 кг салмақ категорияларында қурға түседи.
Өзбекстан Республикасы сайланды командасы бул жарысларда Кемран Нуриллаев, Рахимжон Субхонов, Сардор Нуриллаев, Шахрам Ахадов, Обидхон Нумонов, Рамазон Аллабердиев, Давлат Бобонов, Бекмурод Олтибоев , Гулнур Муратбаева , Диёра Келдиёрова ,Севинч Исокова, Гулноза Матниязова, Шохиста Назарова сыяқлы спортшылар менен қатнаспақта.
Бизлер ушын қуўанышлы тәрепи сонда жарыстыӊ дәслепки күнинде-ақ, өзиниӊ барлық қарсыласларын жеӊип шыққан 52 кг салмақтағы палўанымыз Диёра Келдиёрова алтын медалды жеӊип алыўға миясар болды ҳәм Париж—2024 Олимпиада ойынлары ушын 500 рейтинг упайын өз есабына қосып қойды.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы