Нөкис қаласындағы «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан гүрес залында 18-30 жас аралағындағы жәмлеспеген жаслар арасында «Мен жеӊимпаз! »  сүрени астында спорттыӊ миллий гүрес түринен өткерилип атырған жарыстыӊ Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Онда палўанлар 4 салмақ категориясы бойынша өз-ара беллесиўлерге түсип, 60 кг салмақта ақмаӊғытлы Икрам Әбдиреймов, 66-73-81 кг салмақта қоӊыратлы  Өткир Уразалиев, Меӊлибек Юлдашев, Эргаш Айтбаевлар 1-орынды ийелеўге миясар болды ҳәм жарыстыӊ Өзбекстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.


Жарыстыӊ сыйлықлаў мәресиминде Арқа-батыс әскерий округи сәркардасы орынбасары И.Қурбанов, Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министри Р.Казаков, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы С.Жүсипбековлар шығып сөйлеп, спортшыларды ерискен табыслары менен қутлықлап, оларға арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырды.

Жамшид Турабаев,

Республикалық спорттыӊ жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тренери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги