Анхел Ди Мария ҳәзирги ўақытта еркин агент болып есапланады. Алдынырақ ол «ПСЖ» менен мийнет шәртнамасын созыў бойынша өз-ара келисе алмаған еди.
«ПСЖ»ның алдыңғы вингери Анхел Ди Мария ойынын «Ювентус»та даўам еттириўге қарар етти. Бул ҳаққында Италия баспасөзи хабар бермекте. Тәреплер шәртнама шәртлерин келисип алды. «Ювентус» тез арада Ди Мария менен шәртнамаға қол қойғанлығын жәриялаўы мүмкин.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги