Белгили дәректиң айтыўынша, Криштиану Роналдо енди «Манчестер Юнайтед»те ойнаўды қәлемейди. Футболшы команданың кубокларды утыў қәбилетине исенбей атыр.

«Бавария» бул футболшыға тийкарғы даўагер ретинде көрилмекте. Егер Левандовски «Бавария»дан кетсе, бул вариант зәрүр ўазыйпаға айланады.

Роналдоға немис клубының қызығыўшылығы ҳаққында әлле қашан хабар берилген. Португалиялы ойыншы бул вариантқа туўры келеди. Еслетип өтемиз, футболшының «Манчестер Юнайтед» пенен және бир жыллык шәртнамасы бар.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги