Бүгинги күни ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып киятырған миллий ойынларымызды қайта тиклеў, оларды жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Жасларды спортқа қызықтырыў, олардың арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, миллий спорт түрлерин раўажландырыў, жас ҳәм үмитли спортшыларды жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў ҳәм Спорт министрликлери, Жаслар ислери агентлиги  менен биргеликте әскерий хызметкерлер ҳәм жаслар арасында «Мен жеңимпаз!» сүрени астында миллий гүрес ҳәм тас көтериў бойынша Қорғаныў министриниң кубоги жарысы шөлкемлестирилди.

Жаслар айлығы мүнәсибети менен өткерилип атырған жарыстың қалалық ҳәм районлық басқышлары болыпа өтпекте.

Қанлыкөл районындағы «Жайҳун» спорт майданында 4 секторға бөлинген 11 пуқаралар жыйынының ең күшли палўанлары кейинги басқышта қатнасыў ушын күш сынасты.

Бир қанша жасларды бирлестирген жарыс олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге шараят жаратып, өз үстинде ислеў, спорт арқалы үлкен нәтийжелерге ерисиўлерине жол ашыўы менен әҳмийетли болды.

Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы, район ҳәкимлиги, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген жарыс жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Жарыс жуўмағында миллий гүрес ҳәм тас көтериўден жоқары нәтийжелерге ерискен жаслар медаль, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги