Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-июнь күни Конституциялық комиссияның ағзалары менен ушырасты.

Мәмлекетимиз Конституциясы ғәрезсизлик жылларында ерисилген барлық жетискенликлердиң беккем ҳуқықый тийкары болып келмекте. Соның менен бирге турмыс та, халқымыздың дүньятаныўы да өзгермекте.

Соңғы  жыллары пуқаралар тәрепинен Конституциямызды жетилистириў бойынша көплеген пикирлер билдирилип атырған еди. Соны есапқа алып, усы жылдың 20-май күни Олий Мажлис палаталары Кеңеслери тәрепинен Конституциялық комиссия дүзилди. Өткен бир ай даўамында бул комиссияға халқымыздан 48 мың 492 тусыныс келип түсти.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы халықтың бундай белсендилигин, елимиз келешегине жуўапкершилик сезимин жоқары баҳалап, конституциялық реформалар бойынша өз пикирлерин билдирди.

– Жаңаланған Конституция елимиздиң узақ мүддетли раўажланыў стратегиялары, улыўма, елимиз ҳәм халқымыздың ертеңги абадан турмысы ушын беккем ҳуқықый тийкар және исенимли кепиллик жаратыўы зәрүр. Бир сөз бенен айтқанда, «Инсан қәдири ушын» идеясын және ҳәзирги реформаларымыздың бас принципи болған «Инсан- жәмийет-мәмлекет» деген қатнасларды Конституциямыздың мазмунына терең сиңдирип, әмелий турмысымызда бас қәдриятқа айландырыўымыз зәрүр. Яғный, инсанның қәдир-қымбаты, абырайы ҳәм ар-намысы буннан былай барлық тараўларда биринши орында турыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз өз баянатында төрт әҳмийетли бағдарға итибар қаратып, олардың ҳәр бири бойынша усынысларын айтты.

Инсан, оның өмири, еркинлиги, қәдир-қымбаты, қол қатылмайтуғын ҳуқықлары ҳәм мәплери мәселеси биринши бағдар сыпатында көрсетип өтилди.

– Инсан қәдирин арттырыў ҳақыйқатында мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының конситуциялық парызы ҳәм әҳмийетли ўазыйпасы болыўы шәрт. Жаңаланып атырған Конституциямызда усы принциплер анық көрсетилиўи, өзиниң толық ҳуқықый шешимин табыўы зәрүр, – деди Президент.

Жасаў ҳуқықы ҳәр бир инсанның қол қатылмайтуғын ҳуқықы екени атап өтилип, Конституцияға «Өзбекстанда өлим жазасы бийкар етиледи», деген норманны киргизиў усынысы билдирилди.

Шахстың судланғаны ҳәм оннан келип шығатуғын ҳуқықый  тәсирлер оның ағайын-туўысқанларының ҳуқықларын шеклеўге тийкар болмайтуғынын қатаң жазып қойыў зәрүрлиги айтылды.

Сондай-ақ, еркинен айрылған шахсларға адамгершилик мүнәсибетти тәмийинлеў бойынша конституциялық тийкарларды бекемлеў мәселелерине тоқтап өтилди.

Ҳәкимшилик, пуқаралық, экономикалық, жынайый жуўапкершилик ҳәм басқа да бағдарлардағы ислерди көрип шығыўда инсанға қолланылатуғын ҳуқықый тәсир шаралары – нызамлы мақсетке ерисиў ушын жеткиликли болыўы және шахсқа имканы болғанынша жеңиллик жаратыўы керек екени атап өтилди.

Екинши бағдарда «Өзбекстан – социаллық мәмлекет» деген идея алға қойылды.

Социаллық мәмлекет ҳәр бир инсан ушын мүнәсип жасаў шараятларын жаратып беретуғыны, ҳеш ким итибардан шетте қалмайтуғыны, өз машқалалары менен жалғыз таслап қойылмайтуғыны белгили. Сонлықтан бул бағдарда халықты турақ жай менен тәмийинлеў, шаңарақтың экономикалық ҳәм руўхый тийкарларын беккемлеў, балалардың мәплери ҳәм толық раўажланыўына барлық шараятларды жаратыў, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, инсан саламатлығын ҳәм экологияны сақлаўға байланыслы усыныслар билдирилди.

– Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекеттиң еркеклер ҳәм ҳаяллар, шаңарақлар ҳәм балалар, жаслар ҳәм нураныйлар, майыплығы болған шахслар, елимизде ямаса оннан сыртта болыўына қарамастан, барлық адамлар ҳаққында қайғырыўы Конституцияда беккемлениўи зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Үшинши бағдар Конституцияда мәҳәллениң статусын және мәмлекетлик уйымлардың бул бағдардағы ўазыйпаларын  анық белгилеў ҳаққында болды. Онда мәҳәллелердиң мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасына кирмейтуғыны, орынлардағы жергиликли әҳмийетке ийе мәселелерди еркин шешиў, бул ушын  мәмлекетлик уйымлар оларға жәрдем етиўине байланыслы принциплер өз көринисин табады.

Төртинши бағдар елимизде мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў, халық ҳәкимиятшылығын күшейтиўге қаратылғаны менен жүдә әҳмийетли.

– Биз ел-журт тәшўиши менен жасайтуғын халықшыл мәмлекет қурыўды гөзлегенбиз. Бул соны аңлатады, мәмлекет, оның уйымлары ҳәм лаўазымлы шахслары халық ушын ислейди, оған хызмет етеди. Мәмлекетлик ҳәкимият үстинен халық қадағалаўы орнатылады. Конституцияға мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлық, анықлық ҳәм есап бериўди, бул уйымлардың ықшам ҳәм үнемли болыўын тәмийинлеў бойынша қағыйдалар киргизиўди усыныс етемен, – деди Президент.

Соның ишинде, ҳүкиметти қәлиплестириў ҳәм оның нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеўде Олий Мажлистиң ўәкилликлерин кеңейтиў, Президенттиң айырым ўәкилликлерин Олий Мажлиске өткериў бойынша усыныслар билдирилди.

Ҳәкимлер бир ўақыттың өзинде халық депутатлары кеңеслерине де басшылық етиўи ўаққындағы қағыйданы Конституциядан шығарып таслаў ўақты келгени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Конституцияға нызамшылық усынысларын киргизиў институтын енгизиўди усынды. Бул қағыйда арқалы халық тиккелей баслама көрсетиў ҳуқықын қолға киргизеди. 100 мың адамнан аз болмаған муғдардағы пуқаралар өзиниң нызамшылық усынысларын Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына киргизиў имканиятына ийе болады.

Ҳүкимет ўәкилликлерин де кеңейтип, Министрлер Кабинети ҳәм ҳәкимликлердиң экология, жаслар, шаңарақты қоллап-қуўатлаў, майыплығы болған шахсларды социаллық қорғаў, жәмийетлик транспорты раўажландырыў, халықтың дем алыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкершиликти Конституцияда белгилеў зәрүрлиги атап өтилди.

Дүньяда түпкиликли өзгерислер жүз берип атырған ҳәзирги шараятта, Өзбекстан сыртқы сиясаттың концептуал-ҳуқықый тийкарларын жаңалаў ҳәм жетилистириў зәрүрлиги де атап өтилди.

Конституциялық комиссия тәрепинен улыўмаластырылған усынысларды енди Нызамшылық палатасы депутатлары нызамшылық басламасы тәртибинде Парламенттиң төменги палатасына киргизеди. Парламент оларды терең талқылаўдан өткерип, жаңаланған Конституциялық жойбар таярланады. Нызамшылығымызға бола, парламенттиң өзи де Конституцияға өзгерис киргизиў ўәкиллигине ийе. Бирақ Президентимиз Конституцияның жойбарын улыўмахалықлық додалаўда қарап шығыўды және референдум өткериў жолы менен қабыл етиўди усыныс етти.

– Конституциялық реформаларды пуқараларымыздың пикири ҳәм қоллап-қуўатлаўы тийкарында, референдум арқалы әмелге асырсақ, бул шын мәниде халқымыздың ерк-ықрарының көриниси – ҳақыйқый халық Конституциясы болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сонлықтан Президент халықымызға мүрәжат етип, конституциялық реформалар процесине буннан былай да жедел қатнасыўға шақырды.

– Бийтәкирар елимизде турақлы жәмийетти ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў – бәршемиздиң бас мақсетимиз болып табылады! Мен пүткил халықымызды әне усы уллы мақсетке ерисиўде өз-ара бирликке ҳәм татыўлыққа шақыраман, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Ушырасыў шын кеўилден сөйлесиў тәризинде даўам етти. Конституциялық комиссия ағзалары шығып сөйлеп, халықтың усыныслары, реформалардың зәрүрлиги ҳаққында өз усынысларын билдирди.

ӨзА