Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң

Конституциялық комиссия ағзалары менен ушырасыўдағы шығып сөйлеген сөзи

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли комиссия ағзалары ҳәм мәжилис қатнасыўшылары!

Бәринен бурын, бүгин халқымыз ушын жүдә әҳмийетли сиясий реформалар дәўиринде сизлер менен көрисип турғанымнан қуўанышлыман.

Қысқа ўақыт даўамында Конституциялық комиссия тәрепинен Тийкарғы нызамымызды жетилистириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Бүгин сизлер менен бул бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысыў, тийкарғы бағдарлар бойынша сөйлесиў ушын жыйналып турмыз.

Конституциялық комиссияның жумысы, сөзсиз, биз алып барып атырған демократиялық реформалардың ҳуқықый тийкарын және де күшейтиўге хызмет етеди.

Мен бул процесслерди тиккелей бақлап, бир затқа қуўандым. Басланып атырған жаңа дәўирдеги өзгерислерге пуқарларымыз бийпәрўа болмастан, өзлери интакер болып, көплеген усыныслар бермекте ҳәм реформаларымызды белсене қоллап-қуўатламақта. Олардан келип түскен ҳеш бир усынысты итибарсыз қалдырмастан, Тийкарғы нызамымызды жетилистириў процесинде әлбетте, инабатқа алыўымыз зәрүр.

Бас мақсетимиз – ҳәр бир ўатанласымыз бул ҳүжжетти мениң Конституциям деп мақтанатуғын жетик дәрежеге алып шығыў.

Енди, руқсатыңыз бенен, бул бағдардағы айырым пикирлеримди билдирсем. Соң усы әҳмийетли мәселелер бойынша толық пикир алыссақ, мақсетке муўапық болады деп ойлайман.

Әзиз дослар!

Биз Конституцияны жетилистириў бойынша жаңа, оғада жуўапкершиликли басқышқа қәдем қоймақтамыз.

Ҳәзирги күн жағдайына бола, Комиссияға пуқараларымыздан 48 мың 492 усыныс келип түскени де конституциялық реформалар объектив турмыслық зәрүрлик сыпатында күн тәртибине шығып атырғанын анық көрсетпекте.

Конституциялық комиссия тәрепинен таярланған усыныслар терең додаланады ҳәм ҳәзирде Нызамшылық палатасына киргизиў басқышында. Енди нызам, регламент тийкарында додалаўлардан өткериледи.

Пурсаттан пайдаланып, бул бағдардағы ең әҳмийетли тәреплерге итибарыңызды қаратпақшыман.

Бәринен бурын, биз бир сораўға анық жуўап табыўымыз керек.

Не ушын бүгин конституциялық реформалар өткериў зәрүрлиги пайда болмақта?

Айырым ўатанласларымыз, ҳәттеки айырым илимпазларымыз да Конституциямыздың заманагөй демократиялық талапларға жуўап береди ғо, оған өзгерис киргизиўге мүтәжлик барма, деген сораўды ортаға қоймақта.

Дурыс, Конституциямыз сырт елдиӊ алдыңғы ҳәм халықаралық стандартлар менен талапларға ҳәр тәреплеме сәйкес келеди. Оған ҳеш қандай гүман жоқ.

Мен 1992-жылы әмелдеги Тийкарғы нызамымызды қабыл етиўде қатнасқан комиссия ағзасы сыпатында алдын да айтқанман! Өзбекстан Конституциясы ғәрезсизлик жылларында ерискен барлық жетискенликлеримиздиң беккем ҳуқықый тийкары болып келмекте. Оны ҳәммемиз жақсы билемиз ҳәм жоқары қәдирлеймиз.

Соның менен бирге, бүгин жедел раўажланыўдың өзи алдымызға қойып атырған әҳмийетли бир талапты терең түсинип алыўымыз зәрүр.

Ҳәзирги қәўипли заман, әтирапымыздағы қурамалы жағдай ана Ўатанымыз тәғдирине және де үлкен жуўапкершилик пенен қатнаста болып, кешиктирип болмайтуғын стратегиялық қарарлар қабыл етиўди талап етпекте.

Әлбетте, өткен қысқа дәўирде жәмийетимиздиң сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық көриниси түпкиликли өзерди. Алты жыл алдынғы халқымыз бенен ҳәзирги күнги ўатанласларымыздың көзқарасы арасында үлкен парық бар.

Биз Конституциямызда белгилеп қойылған ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм әдалатлы пуқаралық жәмийетти қурыў идеясына садық қалған ҳалда, кең көлемли жумысларды әмелге асырдық ҳәм бул бағдарда үлкен тәжирийбе арттырдық.

Инсаният илимий-технологиялық дәўирге қәдем қойды. Жер жүзинде кескин трансформация процесслери ҳәм бәсеки күшеймекте. Ертеңги күнин ойлаған халықлар ҳәм мәмлекетлер өз келешеги ҳаққында бүгин ҳәр қашанғыдан да айрықша бас қатырмақта.

Усы жерде тәбийғый сораўлар пайда болады. Мине, усындай, шешиўши ўақытта ҳәм келешекте мәмлекетимизде, жәмийетимизде инсанның орны ҳәм қәдири қандай! Қандай сиясий-ҳуқықый, экономикалық-социаллық ҳәм руўхый-гуманитарлық принциплер, қәдирият ҳәм мәплер биз ушын тийкарғы әҳмийетке ийе болады?

Ең әҳмийетлиси, конституциялық реформалар әпиўайы халыққа, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге, жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиздиң раўажланыўына не береди?

Бул сораўлардың барлығына жуўапты пухта исленген ҳуқықый нормалар арқалы Конституциямызда сәўлелендириў – дәўир талабы.

Ҳәммемизге белгили, Тийкарғы нызамымыздың 12-статьясында ҳеш бир идеология мәмлекет идеологиясы сыпатында орнатылыўы мүмкин емеслиги атап өтилген. Бул – оғада әҳмийетли ҳәм жүдә дурыс белгиленген конституциялық қағыйда. Себеби ҳәр қандай сиясий партияның идеологиясы, ол қаншелли абырайлы ҳәм тәсирли партия болмасын, тек ғана белгили бир социаллық топардыӊ мәплерин билдиреди.

Ҳақыйқый халық идеологиясын, миллеттиң ең муқаддес арзыў-умтылысларын тек ғана оның Бас ҳүжжети – Конституциясында толық билдириў мүмкин.

Жаңаланған Конституция мәмлекетимиздиң узақ мүддетли раўажланыў стратегиялары, улыўма елимиз ҳәм халқымыздың ертеңги абадан турмысы ушын беккем ҳуқықый тийкар ҳәм исенимли кепил жаратыўы зәрүр.

Бир сөз бенен айтқанда, «Инсан қәдири ушын» идеясын ҳәм ҳәзирги реформаларымыздың бас принципи болған «Инсан-жәмийет-мәмлекет» деген қатнасты Конституциямыздың мазмун-мәнисине терең сиңдирип, әмелий турмысымызда бас қәдириятқа айландырыўымыз зәрүр. Яғный, инсанның қәдири, абырайы ҳәм мақтанышы буннан былай барлық тараўларда биринши орында турыўы керек.

Мине, усындай талаплардан келип шығып, төмендеги тийкарғы бағдарларға итибарыңызды қаратпақшыман.

Биринши бағдар – инсан, оның өмири, еркинлиги, қәдири қол қатылмаслығы ҳуқықлары ҳәм мәплери мәселеси.

Әмелге асырылып атырған барлық реформаларымыздыӊ орайында инсан қәдирин улығлаўға қаратылған ийгиликли идея жәмленген. Себеби, бизиң муқаддес динимизде де, уллы илимпазларымыз бай илимий ҳәм мәнаўий мийрасында да, инсан-өмир гәўҳары, теңсиз жаратылыс сыпатында улығланады.

Муқаддес Қураны кәримде Алла инсанды барлық жанзатлар ишинде ең әзиз ҳәм қәдирли етип жаратқаны атап өтилген.

Уллы бабамыз Мир Әлийшер Наўайы да инсанды қыйнап атырған машқалалар дурыс шешилип, оның қәдири орнына қойылса, әлбетте халық шад, мәмлекет абат болады, деп жазған.

Ҳақыйқатында да, инсан мүнәсип шараятта тәлим-тәрбия алып, абадан турмыс кеширген жағдайда ғана, жәмийет ҳәм мәмлекет биргеликте турақлы раўажланады. Соның ушын да, ҳәзирги күнде дүнья көлеминде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине, бул түсиниклер менен байланыслы рейтинг ҳәм стандартларға биринши дәрежели әҳмийет берилмекте.

Инсан – мәмлекет ҳәм жәмийет ушын мақсетке ерисиў қуралы емес, керисинше мине, усы мақсеттиң бас мазмуны ҳәм дәреги және ең уллы қәдирият болыўы зәрүр.

Биз қурып атырған Жаңа Өзбекстан ушын инсан қәдири ҳәм халық мәпи ҳәмме нәрседен үстин.

Соның ушын инсан қәдирин көтериў ҳақыйқатта мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының конституциялық миннети ҳәм тийкарғы ўазыйпасы болыўы шәрт.

Жаңаланып атырған Конституциямызда усы принциплер анық билдирилиўи, өзиниң толық ҳуқықый шешимин табыўы зәрүр.

Тарийхый тәжирийбе соны көрсетеди, инсанның қәдири бәринен бурын, оның тәбийғый жасаў ҳуқықында көринеди. Бул – ең уллы ҳәм муқаддес қәдириятларымыздан бири.

Ҳәммемизге белгили, биз өлим жазасы тайынланатуғын жынаятлар санын басқышпа-басқыш азайтып, бул жазаны толық бийкар еттик.

Соған қарамастан, айырым пуқаралар тәрепинен өлим жазасын тиклеў, оны жынаят нызамшылығына қайтадан киргизиў ҳаққында усыныслар да алға қойылмақта. Демократиялық ҳәм адамгершилик идеяларын уллы қәдирият дәрежесине көтерген дүньядағы айырым мәмлекетлерде өлим жазасы бийкар етилген. Себеби жасаў ҳуқықы – ҳәр бир инсанның тәбийғый ҳуқықы болып, оған бул ҳуқықты мәмлекет емес, Жаратқанның өзи берген.

Егер сизлер қоллап-қуўатласаңыз, Конституциямызға «Өзбекстанда өлим жазасы қадаған етиледи», деген және бир әҳмийетли норманы киргизиўди усыныс етемен.

Сол тәризде, биз бул оғада аўыр мәселеде ҳеш қашан артқа қайтпайтуғынымызды, адамгершилик идеяларына садық екенимизди пүткил дүньяға анық көрсетемиз.

Және бир әҳмийетли мәселеге дыққатыңызды қаратпақшыман. Президент Халық қабыллаўханаларына келип атырған көплеген мүрәжатларды таллаў соны көрсетпекте, ҳуқық-тәртип уйымлары тәрепинен шахс қолға алынғанында, ол не ушын усланғаны ҳәм қандай ҳуқықларға ийе екени түсиндирилмейди. Нәтийжеде гүманланыўшының ҳуқықлары усланған дәслепки ўақытта-ақ қәўип астында қалады.

Бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде көплеген мәмлекетлердиң Конституция ҳәм нызамларында және инсан ҳуқықларына байланыслы халықаралық ҳүжжетлерде сәўлелендирилген «Миранда қағыйдасы»н қолланыў зәрүр. Яғный, шахсты услаў ўақтында оның ҳуқықлары ҳәм не себептен усланғаны әпиўайы тилде түсиндирилиўи шәрт. Мине, усы қағыйданы Конституциямызда белгилеп қойыўдың ўақты-сааты келди, деп ойлайман.

Буннан тысқары, «Хабеас корпус» институтын раўажландырыў зәрүр. Яғный, шахс судтың қарарына шекем көби менен қырық сегиз сааттан артық услап турылыўы мүмкин емес. Егер суд тәрепинен шахсқа кисен салыў ямаса оған басқа түрдеги еркин шеклеў ҳаққында қарар белгиленген мүддетте қабыл етилмесе, бундай шахсты дәрҳәл азат етиў зәрүр.

Бундай қағыйдалар инсан, оның өмири, ҳуқық ҳәм еркинликлери – уллы қәдирият деген жақсы принципке ҳәр тәреплеме сәйкес келеди.

Ядыңызда болса, Конституциямыз қабыл етилгениниң 20 жыллығына бағышланған мәресимде жақын ағайинлери судланған, деп пуқараларды жумысқа қабыл етпеў ямаса жоқары лаўазымларға тайынламаўға байланыслы мәселеге айрықша тоқтап өткен едим.

Не себептен бир жынаят ушын пүткил әўлад жуўап бериўи керек?

Әкесиниң қылмысы ушын неге перзентлери ямаса аға ушын ини жуўап бериўи керек! Бундай әдалатсыз «системадан» пүткиллей ўаз кешемиз. Себеби халқымызға бурынғы аўқам дәўиринде, әсиресе, өткен әсирдиң 30-жылларындағы сиясий қурбан болғанлардың өзи жетерли емес пе?!

Соның ушын, Конституциямызға «Шахстың судланғанлығы ҳәм оннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеўге тийкар болыўы мүмкин емес», деп қатаң жазып қойыўымыз керек. «Еркинен айырылған барлық шахсларға адамгершилик қатнас ҳәм олардың қәдир-қымбаты тәмийинлениўи шәрт», деген норма да Тийкарғы нызамымызда өз көринисин табыўы зәрүр.

Биз жаза мүддетин өтеп атырғанларды да қайта тәрбиялап, олар саламат турмысқа қайтыўы ушын барлық илажларды көриўимиз керек.

Және бир мәселе. Көпшилигимиз жақсы билемиз, әййемги рим ҳуқықында алтын қағыйдалар бар. Мәселен, «ҳеш кимге орынлап болмайтуғын миннетлемени жүклеме» ямаса «нызам имканиятсыз затты талап етпейди» сыяқлы қағыйдалар солардың қатарына киреди.

Тилекке қарсы, миллий нызамшылығымызда орынлап болмайтуғын ямаса орынлаў қыйын болған нормалар да ушырасып турады. Тийкарында, нызамлар инсанға  ҳеш қашан артықша талап қоймаўы керек. Артықша талап, бәринен бурын, артықша қәрежет дегени. Қалаберди, бул коррупцияға жол ашады.

Мине, бир мысал, пуқараның ипотека кредитинен 3 миллион сумлық үш айлық қарызы бар. Әмелдеги нызамшылығымызға бола, банк қарыздарды судқа береди. Бирақ бул мәселеде даўа арзасы 3 миллион сум, яғный реал қарыз бойынша емес, ал кредиттиң төленбеген бөлегине, деп, 250 миллион сумға салыстырмалы бериледи.

Суд арзаны көрип шығып, қарыздардан 10 миллион сумнан артық мәмлекетлик бажыны өндириў ҳәм шәртнаманы бийкар етиў бойынша қарар қабыл етеди. Өзиңиз ойлаң, 3 миллион сумды төлей алмаған пуқара 10 миллион мәмлекетлик бажыны қалай төлейди?

Бундай логикасыз жағдайлардың алдын алыў ушын жаңа бир норманы Конституциямызға киргизиў усынысын билдиремен. Яғный, ҳәкимшилик, пуқаралық, экономикалық, жынайый жуўапкершилик ҳәм басқа да бағдардағы ислерди көрип шығыўда инсанға қолланылатуғын ҳуқықый тәсир илажлары нызамлы мақсетке ерисиў ушын жетерли болыўы ҳәм шахсқа имканы болғанынша жеңиллик жаратыўы керек.

Билесизлерме, мени көп жыллардан берли қыйнап киятырған және бир мәселе бар еди, ол да болса «прописка» деген машқала.

Адамларымыз Ташкентке келиўи ушын жоллардағы қадағалаў постларынан паспортсыз, «метрика»сыз өте алмайтуғын еди. Ҳәммемиздиң мақтанышымыз болған пайтахтымызды тамашалаўға ямаса жумыс ислеўге келсе де қорқыңырап жүретуғын еди.

Неге! Себеби әмелдеги Конституцияда пуқараларымыздың еркин ҳәрекетлениўине байланыслы нормалар толық жазылмаған. Ҳеш бир демократиялық мәмлекетте пуқараның ҳуқықын шеклейтуғын бундай тәртип жоқ.

Адамларымызды, олардың ҳуқықларын кемситетуғын бундай жағдайды сапластырыў ушын биз жоллардағы қадағалаў постларын ,«прописка» деген нәрсени жоқ еттик.

Келешекте бундай тосқынлықларды системалы шешиў ушын ҳәр бир Өзбекстан пуқарасы мәмлекет бойлап еркин ҳәрекетлениў, турақ жай ямаса жасаў орнын еркин таңлаў ҳуқықына ийе болыўы шәрт. Ҳәр бир пуқараға мәмлекеттен иркинишсиз шығыў ҳәм қайтыў ҳуқықы кепиллениўи зәрүр. Мине, усы әҳмийетли нормаларды Конституциямызда қатаң белгилеп қойыўды усыныс етемен.

Сондай-ақ, жеке өмирге қол қатылмаслығы ҳәм оның кепилликлери мине усы Конституция дәрежесинде беккемлениўи керек. Сонда ғана пуқараларамыздың тыныш ҳәм қәтержам жасаўы мәмлекетке ҳәм нызамға исеними, еркин ҳәрекет етиўин кепилликли тәмийинлеген боламыз.

Екинши бағдар – Тийкарғы нызамымызда «Өзбекстан – социаллық мәмлекет» деген принципти беккемлеўди усыныс етемен.

Себеби, «Инсан қәдири» түсиниги «социаллық мәмлекет» түсиниги менен тығыз байланыслы. Бул идеяның тийкарғы негизинде де бәринен бурын инсан қәдирин улығлаў, инсанға хызмет етиўдей уллы мақсет жәмленген.

Ҳәммемизге белгили, социаллық мәмлекет ҳәр бир инсан ушын социаллық теңлик ҳәм әдил принциплер тийкарында мүнәсип жасаў шараятларын жаратып береди. Ол – социаллық өзгешеликлерди азайтыў, мүтәжлерге жәрдем бериў бойынша нәтийжели сиясат алып баратуғын мәмлекет модели болып есапланады.

Бириншиден, социаллық мәмлекет мүтәжлерге турақ жай, жасаў ушын зәрүр болған тутыныў товарларының ең аз муғдары белгилеп қойылыўын нәзерде тутады. Ол шахс ҳәм оның шаңарағы мүнәсип жасаўы ушын жететуғын мийнет ҳақы, бәнтликти тәмийинлеў, қәўипсиз мийнет шараятын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыўды талап етеди.

Соның менен бирге, жумыссызлықтан қорғаныў, кепилленген сапалы билимлендириў, қәнигели медициналық жәрдем, ҳәмме ушын тең имканиятлар, шаңарақлар, балалар, ҳаял-қызлар, нураныйлар, майыплығы бар шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў да социаллық мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпасы.

Солар қатарында жасаў ушын зәрүр ресурслар – ишимлик суўы, тәбийғый газ, электр энергиясы, транспорт ҳәм басқа да қолайлықлар менен тәмийинлениў, мәжбүрий мийнетти қадағалаў да социаллық мәмлекетте үлкен әҳмийетке ийе.

Бир сөз бенен айтқанда, социаллық мәмлекетте ҳеш ңим итибардан шетте қалмайды, өз машқалалары менен жалғыз таслап қойылмайды.

Социаллық мәмлекетте инсан қәдири дегенде, бәринен бурын, пуқараны жасаў ушын зәрүр турақ жай менен тәмийинлеўди түсинемиз.

Бизиң халқымыз ушын турақ жай – бул Ўатан ишиндеги киши ўатан.

Инсанның дүньяға келиўи, шахс сыпатында кәмалға келиўи, перзентлерди тәрбиялаў, миллий үрп-әдет ҳәм тарийхый дәстүрлерди даўам еттириў, тойлар өткериў мине усы турақ-жайда әмелге асырылады. Перзент туўылса, жақсы нийетлер менен адамларымыз үйине нәллер егип, усы үй, усы бағ көп жыллар әўладларымызға хызмет етсин, деп нийет етеди.

Соның ушын үй-жайлы болыў, оған қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәр бир инсан өмиринде қаншелли әҳмийетли екенин ҳәммемиз жақсы билемиз. Халқымыздың «6йи бардың тәшўиши жоқ, оның баспанасы бар» деген гәпинде терең мәни бар.

Жақында «Жәмийетлик пикир» мәмлекетлик орайының өткерген сораўнамасында көпшилик ўатанласларымыз турақлы турақ жайдың бар екенлиги – шаңарақ қурыўдың тийкарғы шәрти, деп пикир билдирген.

Мине, көрип турсызларма, шаңарақ беккем болыўы ушын инсанға бәринен бурын не керек!

Мағлыўматларға қарағанда, мәмлекетимизде өткен бес жылда дерлик 500 мың жаңа турақ жайлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Биринши мәрте ҳаял-қызлар ҳәм жасларға, жәрдемге мүтәж шаңарақларға субсидиялар ажыратыў системасы жолға қойылды. 2022-2026-жыллары болса реновация ҳәм турақ-жайлар бағдарламалары шеңберинде қалаларда әдеўир ескирген үйлердиӊ орнына 19 миллион квадрат метрден артық заманагөй турақ жайлар қурылады. Соның есабынан 275 мыңнан артық шаңарақ жаңа массивлерге көшип өтеди.

Конституциямызда пуқараларымыздың турақ жайға болған ҳуқықларын қорғаў, оныӊ қол қатылмаслығын кепилликлеў, халықтың барлық қатламларын, әсиресе, мүтәж категорияларды турақ жай менен тәмийинлеў бойынша мәмлекеттиң миннетлемелерин беккемлеў зәрүр.

Халқымыз арасында «снос» деген ат пенен белгили болған машқала бар. Бундай жағдайды пүткиллей сапластырыў ушын турақ жай бойынша конституциялық кепилликти белгилеп қойыў зәрүр. Яғный, судтың қарарысыз ҳеш ким турақ жайынан айырылмаўы керек. Имарат бузылыўға түсетуғын болса, оның ушын бузыўдан алдын оның баҳасына сәйкес түрде компенсация төлениўи шәрт.

Турақ жайға ямаса шахстың басқа да мүлкине оның руқсатысыз кириў, оларды көзден өткериў ҳәм тинтиў өткериўге тек ғана нызамда белгиленген жағдай ҳәм тәртипте жол қойылыўы Конституцияда қатаң белгилениўи керек.

Және бир әҳмийетли мәселе. Раўажланыўдың көп әсирлик тәжирийбеси соны көрсетеди, жеке мүлксиз, оның исенимли кепиллигисиз, күшли социаллық мәмлекетти қурыўға болмайды.

Сонлықтан Бас  нызамымызда жеке мүлкти қорғаўды тәмийинлеў ушын зәрүр болған конституциялық кепилликлерди күшейтиўимиз зәрүр. Үлкен-кишилигине қарамастан, ҳәр бир исбилермен бәрқула мәмлекет, Конституция, нызамлар және Президент қорғаўында екенин әмелде сезсин.

Раўажланған мәмлекетлердегидей сондай тәртип орнатылсын, мүлк ийеси судтың қарарысыз өзиниң келисимисиз, әдалатлы гиреу пулысыз мүлкинен айрылмасын.

Соның менен бирге, мәмлекет қарамағынан шығарыў ҳәм меншиклестириў  нәтийжелерин қайта көрип шықпаў ҳәм бийкар етпеў мәселесин де конституциялық қағыйда сыпатында белгилеўдиң ўақты-сааты келди, деп ойлайман.

Экономикамызды ҳәрекетке келтиретуғын тийкарғы күш болған исбилерменликтиң раўажланыўы жолындағы барлық тосқынлықларды алып таслаўымыз зәрүр. Усы мақсетте Конституциямызда мәмлекетимизде товарлар, хызметлер, жумысшы күши ҳәм қаржы қәрежетлери еркин ҳәрекетлениўи, ишки ҳәм сыртқы саўда раўажланыўы ушын мәмлекет барлық шараятларды жаратыўы ҳаққындағы норманы беккемлеўимиз керек. Бул – баслаған реформаларымыз ҳәм дәўир талабы болып табылады.

Сондай-ақ, исбилерменлер нызамшылықта қадаған етилмеген ҳәр қандай жумысты әмелге асырыўға, өз жумысының бағдарларын еркин таңлаўға, исбилерменликтен шекленбеген муғдарда дәрамат алыўға ҳақылы екенин де Тийкарғы нызамымызда анық белгилеп қойыўды усыныс етемен.

Мәмлекет жеке исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын және шараятларын тәмийинлеўи, еркин ҳәм ҳадал бәсекиниң қорғалыўы, экономикалық жумыста монополластырыўға жол қоймаўын кепиллеўи зәрүр. Соның менен бирге, Тийкарғы нызамымызда жер жеке мүлк болыўы мүмкин екени анық белгилениўи зәрүр, деп есаплайман.

Аўыл хожалығы жерлери ҳәм тоғай хожалығы фонды мәмлекет қарамағында болып, исбилерменлик субъектлерине ижара шәртнамасы тийкарында бериледи, деген мазмундағы норма да Конституциямызда сәўлелениўи, әлбетте, орынлы болар еди.

Екиншиден, ҳәр бир инсан ушын әҳмийетли ҳәм муқаддес қәдирият – бул оның шаңарағы болып табылады. Саламат ҳәм беккем шаңарақ – мәмлекет сүйениши ҳәм жәмийеттиң тийкарғы буўыны болып табылады.

Биз шаңарақты өмир даўамлылығын тәмийинлейтуғын, миллий мәденият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди, өзлигимизди сақлайтуғын, бәркамал әўладты қәлиплестиретуғын мәкан сыпатында қәдирлеймиз. Үлкенге – ҳүрмет, кишиге – иззет, адамгершилик, мийрим-шәпәәт, ана Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм садықлық сыяқлы уллы пазыйлетлер бәринен бурын шаңарақта қәлиплеседи.

Бүгинги глобалласыў заманында шаңарақ институтын ҳәр тәреплеме қорғаў, қоллап-қуўатлаў ҳәм беккемлеў ушын мүнәсип шараятлар жаратып бериў зәрүрлиги барған сайын күшеймекте.

Бас нызамымызда шаңарақ институтының конституциялық тийкарларын раўажландырыў мақсетинде «шаңарақ ҳаял ҳәм еркектиң ықтыярлы разылығы ҳәм тең ҳуқықлығы тийкарында қәлиплесиўи», жәмийеттиң тәбийғый ҳәм таяныш буўыны, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң айрықша қорғаўында екенин беккемлеп қойыўды усыныс етемен. Сол ушын мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын зәрүр социаллық ҳәм экономикалық шараятларды жаратыўы, көп балалы шаңарақларға нызамға муўапық жеңилликлер ҳәм социаллық кепилликлер жаратып бериўи зәрүр. Сонда шаңарақтың экономикалық ҳәм руўхый тийкарлары және де беккем болады.

Үшиншиден, халқымыз турмысының мазмуны болған әзиз перзентлеримиздиң тәрбиясы ҳәм олардың айдын келешеги алып барып атырған сиясатымыздың әҳмийетли бағдары болып табылады.

Бүгинги күнде 30 жасқа шекемгилер мәмлекетимиз халқының дерлик  60 процентин қурамақта. Бул – биз ушын жүдә үлкен байлық, инсан ресурсы.

Биз шаңарақ, мектепке шекемги билимлендириў, мектеп ҳәм жоқары билимлендириўди және илимий-мәдений орынларды Үшинши Ренессанстың ең әҳмийетли буўынлары, төрт ажыралмас бөлеги деп есаплаймыз. Солай екен, Жаңа Өзбекстан жаратыўшылары болған ул-қызларымыздың ҳуқықлары менен еркинликлери және нызамлы мәплерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды Конституцияда беккемлеп қойыў – әҳмийетли мәселе.

Бас нызамымызда баланың мәплери, оның физикалық, психикалық ҳәм мәдений жақтан толық раўажланыўы ушын барлық шараятларды жаратыў әҳмийетли бағдарлардан бири сыпатында өз сәўлелениўин табыўы зәрүр.

Соның менен бирге, мәмлеет қәбилетли жсларды, олардың материаллық жағдайына қарамастан, бәрқулла қоллап-қуўатлаўын бийғәрез қағыйда сыпатында белгилеп қойыўымыз керек.

Кейинги ўақытларда халқымыз, әсиресе, жасларымыз арасында спортты ғалаба ен жайдырыў, саламат турмыс тәризин беккемлеўге үлкен әҳмийет берип атырғанымыз бәршеңизге белгили. Бул бағдардағы сиясатымызды конституциялық тийкарда беккемлеў мақсетинде Тийкарғы нызамымызға төмендеги қағыйданы киргизиўди усыныс етемен:

«Мәмлекет денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, жасларды саламат турмыс тәризи принциплери тийкарында руўхый жетик ҳәм әдеп-икрамлы инсанлар етип тәрбиялаў ушын зәрүр шараятларды жаратады».

Сондай-ақ, Конституциямызға «Ата-аналар өз перзентлери камалға келгенинше олардың тәрбиясы, билим алыўы, денсаўлығы, толық ҳәм бәркамал раўажланыўына ғамхорлық етиў ҳуқықына ийе ҳәм буған мәжбүр», деген қағыйданы киргизиў жас әўладтың тәғдирине жуўапкершиликти буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

Төртиншиден, халқымыздың мүриўбет, кеңпейиллик, жәрдемге мүтәжлерге бийғәрез жәрдем бериў, имканияты шекленген инсанларға теңдей имканиятлар жаратыў, мийрим-шәпәәт ҳәм сақыйлық сыяқлы пазыйлетлери миллий идеямыздың тийкарын қурайды.

Бүгинги күнде елимизде 1 миллионға шамалас имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқараларымыз өмир сүрмекте. Кейинги жылларда елимизде имканияты шекленген пуқараларымызды қоллап-қуўатлаў, оларға теңдей шараятларды жаратыў бағдарында мәмлекетлик сиясат пүткиллей жаңа басқышқа көтерилмекте. Соның ишинде, Парламентимизде «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди, сондай-ақ, Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенция ратификацияланып, бул бойынша беккем ҳуқықый база жаратылды.

Сол тийкарда имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың жәмийеттеги имканиятларынан теңдей пайдаланыў, ҳәрекетлениў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт, бәнтлик, реабилитация, сиясий-жәмийетлик турмысқа теңдей қатнасыўы менен байланыслы ҳуқықлары тәмийинленбекте.

Енди майыплығы болған инсанлар – жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзалары, деген принцип тийкарында олардың конституциялық ҳуқықлары менен кепилликлерин белгилеп қойыў адамгершилик парызымыз болып табылады. Соның ишинде, «Майыплығы болған шахсларды ҳәр қандай тәризде бөлеклеп қойыў, олардың ҳуқықларын шеклеў, объектлер ҳәм хызметлерден пайдаланыўы ушын шараятлар жаратыўдан бас тартыў қадаған етиледи. Мәмлекет олардың ҳуқықлары менен еркинликлери және нызамлы мәплерин әмелге асырыў ушын зәрүр шараятларды ҳәм теңдей имканиятларды жаратады. Өз алдына итибарға мүтәж болған балалар ушын билимлендириў мәкемелеринде инклюзив билимлендириў шөлкемлестириледи», деген қағыйданы киргизиўди усыныс етемен.

Бесиншиден, инсанның мийнетке ҳәм мүнәсип турмыс шараятларына, жумыссызлықтан қорғалыўға болған ҳуқықларының исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў – конституциялық реформалардың әҳмийетли мақсети болып табылады.

Мәмлекетимизде өткен қысқа дәўирде социаллық машқалаларды сапластырыў мақсетинде енгизилген «темир», «ҳаял-қызлар», «жаслар» дәптерлери, «мәҳәлле» ҳәм «шаңарақ» кесиминде ислеў системалары өзиниң дәслепки унамлы нәтийжелерин бермекте. Бирақ, бул жумыслар турақлы, системалы әмелге асырылыўы, изге қайтпайтуғын процесске айланыўы ушын беккем конституциялық кепиллик керек.

Буннан тысқары, Тийкарғы нызамымызда ҳәр бир шахстың қолайлы мийнет шараятында жумыс ислеўи, мийнетине мүнәсип ҳақы алыў ҳуқықын беккемлеў, мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары инсанның өзи ҳәм шаңарағының өмир сүриўи ушын жеткиликли муғдарда болыўын белгилеўди усыныс етемен.

Бәршеңизге белгили болғанындай, жаңа әўладты дүньяға келтирип атырған, перзентлер тәрбиясы менен шуғылланып атырған ҳаялларға әзелден халқымыз айрықша итибар ҳәм ғамхорлық көрсетип келеди. Усы мақсетте Бас нызамымызда ҳәмиледарлығы ямаса жас баласы болғаны себепли ҳаялларды жумысқа қабыллаўды бийкарлаў, жумыстан босатыў ҳәм олардың мийнет ҳақысын азайтыў қадаған етилиўи белгилеп қойылыўы шәрт.

Бәршеңизге белгили болғанындай, соңғы жылларда елимизде мәжбүрий мийнет, атап айтқанда, балалардың мийнетине толық шек қойылды. Буның тән алыныўы сыпатында жақында «Cotton Campaign» халықаралық коалициясы және дүньядағы белгили брендлер тәрепинен Өзбекстан пахтасы ҳәм тоқымашылық өнимлерине бурын орнатылған бойкот бийкар етилди.

Бундай жағдайлар басқа қайтарылмаўы, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша әмелдеги системаның нәтийжесин арттырыў мақсетинде Конституциямызда балалар мийнетине жол қоймаў да өз сәўлелениўин табыўы керек.

Соңғы жылларда сырт елдеги ўатанласларымызға мүнәсибетимиз пүткиллей өзгерди. Сырт елде билим алып атырған, мийнет етип дәрамат таўып атырған жерлеслеримизди, олардың елимизде жасап атырған шаңарақ ағзаларын қоллап-қуўатлаў, социаллық жақтан қорғаў бойынша қосымша илажлар ислеп шықтық. Атап айтқанда, «Ўатанласлар» жәмийетлик фонды арқалы сырт еллерде жасап атырған пуқараларымыз ҳәм олардың шаңарақлары менен байланыслар кеңейтиледи.

Бундай ислер ҳеш қашан тоқтап қалмаўы ушын ўатанласларға мәмлекет тәрепинен ғамхорлық етиўдиң конституциялық тийкарларын жаратыў зәрүр. Усы мақсетте Конституциямызға мәмлекет сырт елде жасап ҳәм жумыс  ислеп атырған пуқараларымыз ҳәм ўатанласлар менен турақлы байланысларды сақлап қалыў ҳәм раўажландырыў ҳаққында ғамхорлық етеди, деген қағыйданы киргизиў керек.

Алтыншыдан, инсан саламатлығы – жәмийеттиң ең үлкен байлығы болып табылады. Турмыслық тәжирийбе соны көрсетеди, тек ғана саламат халық ҳәм миллет ғана уллы ислерди әмелге асыра алады.

Биз ушын инсан саламатлығы – миллет өмириниң даўамлылығын тәмийинлеў, оның генофондын сақлаў, турақлы миллий стратегиямыздың әҳмийетли қурам бөлеги болып табылады. Бул мақсетлерге ерисиў ушын, мениңше, Конституциямызда белгиленген «Ҳәр бир инсан қәнигели медициналық хызметтен падаланыў ҳуқықына ийе», деген улыўма норма жеткиликли емес. Бул статьяны кеңейтип, тиккелей қолланылатуғын нормалар менен байытыў шәрт, деп есаплайман.

Дүньяда еки жыл бурын басланған пандемия бизди көп нәрсеге үйретти. Усы жылдың март айында медицина хызметкерлери менен өткен ушырасыўда келип түскен 25 мыңнан аслам мүрәжатлар да бул тараўдағы көп машқалаларды көрсетип берди. Усыларды таллап шығып, Бас нызамымызда инсанның саламатлығын сақлаўға байланыслы конституциялық кепилликлерди буннан былай да күшейтиўди усыныс етемен.

Гезектеги мәселе – инсанның камал табыўы, абадан турмыс кешириўинде қолайлы ҳәм қәўипсиз қоршаған орталық, экологияның әҳмийети бийбаҳа екенин бәршемиз жақсы түсинемиз.

Тәбияттағы глобаллық климат өзгерислери, Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы жағдайдың барған сайын кескин түс алып атырғаны экологиялық қәўипсизликти оғада әҳмийетли мәселеге айландырды. Сонлықтан Конституциямызда усы бағдарға байланыслы экологиялық-ҳуқықый нормалар өз сәўлелениўин табыўы керек.

Бундай конституциялық өзгерислер жәмийетимизде пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын ҳәм миннетлемелерин, әсиресе, лаўазымлы шахслардың тәбиятты қорғаўға жуўапкершилигин кескин арттырыў, халықтың экологиялық мәдениятын жетилистириўге хызмет ететуғынына гүман жоқ. Бул, өз гезегинде, елимизде әмелге асырылып атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумысларды буннан былай да күшейтиў имканиятын береди.

Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекеттиң ерлер ҳәм ҳаяллар, шаңарақлар ҳәм балалар, жаслар ҳәм нураныйлар, майыплығы болған шахслар,, мәмлекетте ямаса оннан сыртта болыўына қарамастан, барлық инсанлар ҳаққында қайғырыўы Конституцияда беккемлеп қойылыўы зәрүр.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Биз билимлендириў, илим ҳәм инсан капиталын раўажландырыўға үлкен итибар берип келмектемиз. Себеби, бүгинги жедел бәсеки заманында тек ғана билимли, мәрипатлы миллет ҳәм мәмлекет мүнәсип раўажланыўға ерисе алады.

Ата-бабаларымыз «Бесиктен қәбирге шекем илим изле» деген мүбәрек ҳәдиске әмел етип жасаған дәўирлерде елимизден уллы ойшыллар – бухарийлер, термизийлер, хорезмийлер, берунийлер, ферғанийлер, наўайылар жетисип шыққан. Биз, әне, сондай уллы бабаларымыздың жаңа бәркамал әўладын тәрбиялап камалға келтирмекши екенбиз, бул ушын бақша, мектеп, жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўларын жедел раўажландырыўды конституциялық дәрежеде беккемлеп қойыўымыз шәрт.

Бас нызамымызда мәмлекет мектепке шекемги билимлендириў, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў системасын, ҳәр қыйлы мүлк түриндеги, соның ишинде, жеке меншик билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар жаратып бериўи менен байланыслы нормалар да болыўы керек.

Биз кейинги жылларда жәмийетимизде устаз ҳәм муғаллимлердиң абырай-мәртебесин арттырыў, олардың айлықларын көбейтиў ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратып атырмыз.

Устаз ҳәм муғаллимлер – билимлерди, үрп-әдетлер ҳәм дәстүрлер, мәдениятымызды әўладтан-әўладқа жеткеретуғын уллы күш болып табылады. Солай екен, устазға болған жоқары ҳүрмет Конституциямызда өз сәўлелениўин табыўы зәрүр. Сондай-ақ, педагогикалық хызметкерлердиң кәсиплик жумысына араласыў, олардың хызмет миннетлемелерин атқарыўға тосқынлық етиўге жол қойылмаслығын Конституция дәрежесинде белгилеп қойсақ, әдалатлы болады, деп ойлайман.

Үшинши бағдар – еркин ҳәм әдалатлы пуқаралық жәмийети раўажланыўы менен байланыслы мәселе болып табылады.

Бизиң халқымыз ушын жәмийет, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады. Мәҳәлле – әсирлер даўамында миллий үрп-әдетлеримиз ҳәм бай мәнаўиятымызды зәлелсиз сақлап, халқымыз ушын жақсылық ҳәм тәрбия бесиги, жақын қоңсышылық ҳәм татыўлық орны болып келмекте.

Мәҳәлле дегенде, дүньяда шенде-шен ушырасатуғын, инсанды жәмийет пенен үнлес ҳәм кеңпейиллик руўхында тәрбиялайтуғын, халық пенен мәмлекет арасында исенимли көпир ўазыйпасын атқаратуғын бийбаҳа социаллық структураны түсинемиз.

Өткен дәўирде мәҳәллениң раўажланыўына байланыслы 50 ден аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Ҳәр бир аймақта «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принциплерине тийкарланған жаңа система енгизилмекте.

Ҳәзирги ўақытта мәҳәллени пуқаралар өз пикири ҳәм дәртин, усынысларын еркин айтатуғын, машқаласына нәтийжели шешим табатуғын ҳақыйқый  халықшыл структураға айландырыў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Мәҳәлле абат болса – журт абат болады. Мәҳәлледе өзгерис болса – пүткил жәмийет өзгереди.

Хабарыңыз бар, пуқаралар жыйынларының жәмийеттеги абырайы ҳәм тәсирин күшейтиўге көмеклесиў мақсетинде Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги шөлкемлестирилди. Бирақ, гейде, бул – мәҳәллелерди басқаратуғын уйым, деген гәп-сөзлерди де еситип қалмақтамыз. Бундай көз қарасларға жол қоймаў мақсетинде мәҳәллениң статусын және мәмлекетлик уйымлардың бул бағдардағы ўазыйпаларын Тийкарғы нызамымызда анық белгилеп қойыўды усыныс етемен. Бунда мәҳәллелердиң мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасына кирмеўи, орынлардағы жергиликли әҳмийетке ийе мәселелерди еркин шешиў бойынша ўәкилликлери айрықша белгилениўи зәрүр. Бул ушын болса мәмлекетлик уйымлардың мәҳәллелердиң жумысына ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў бойынша миннетлемелери беккемлениўи керек.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Елимизде жумыс алып барып атырған 9 мың  200  ден аслам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқық және нызамлы мәплерин, демократиялық қәдриятларды қорғаўда, жәмийетлик турмыс, мәденият ҳәм билимлендириў бағдарындағы мақсетлерге ерисиўде әҳмийетли ўазыйпаны атқармақта.

Соңғы жылларда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў, бул тараўды тәртипке салатуғын ҳуқықый базаны жетилистириў бағдарында избе-из жумыс алып барылмақта. Бул илажларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў және елимизде әдалатлы пуқаралық жәмийетти раўажландырыўдың жақын ҳәм орта мүддетке қаратылған перспективаларын белгилеп алыў мақсетинде 2021-2025-жылларға мөлшерленген концепция тастыйықланды.

Енди Тийкарғы нызамымызда пуқаралық жәмийети институтлары – мәҳәллелер, сиясий партиялар, ҳәрекетлер, ғалаба хабар қураллары, кәсиплик аўқамлары, қорлар ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелердиң орны ҳәм статусын буннан былай да беккемлеў зәрүр, деп ойлайман.

Төртинши бағдар – Өзбекстанда адамгершиликли, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў мәселеси болып табылады.

Ҳуқықый мәмлекет – инсанияттың мың жыллар даўамында машақатлы мийнетиниң есабынан қәлиплескен раўажланыў идеясы ҳәм уллы жаңалық  (ашылыў) болып табылады.

Тек ҳуқықый мәмлекет шараятында ғана инсанның өмири, еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбатын толық тмийинлеў, ҳақыйқый мәниде халықты сүйиўши басқарыў системасын қәлиплестириў мүмкин.

Ҳуқықый мәмлекет – демократиялық принциплер тийкарында қабыл етилген нызамлар алдында ҳәмме тең ҳәм есап беретуғыны, ҳеш ким нызамнан үстим турмайтуғын мәмлекет болып табылады.

Усы мәнисте, мен «Өзбекстан – ҳуқықый мәмлекет» деген идеяны Конституциямызда анық беккемлеп қойыўды усыныс етемен.

Бизлер елдиң тәшўиши менен жасайтуғын халықшыл мәмлекет қурыўды гөзлегенбиз. Бул соны аңлатады, мәмлекет, оның уйымлары ҳәм лаўазымлы шахслар халық ушын жумыс ислейди, оған хызмет етеди. Мәмлекетлик ҳәкимият үстинен халықтың қадағалаўы орнатылады.

Конституцияға мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди, усы уйымлардың ықшам ҳәм үнемли болыўын тәмийинлеў бойынша қағыйдалар киргизиўди усыныс етемен.

Тийкарғы нызамымызда халық ҳәкимиятшылығын, ҳәкимиятларды бир-бирин тыйып турыў ҳәм теңсалмақлылықта услап турыў механизмлерин тәмийинлеўди буннан былай да күшейтиў талап етиледи. Онда, бәринен бурын, Ҳүкиметти қәлиплестириў ҳәм оның нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеўде Олий Мажлистиң ўәкилликлерин кеңейтиў бойынша тийисли қағыйдаларды Баслы нызамымызда белгилеўимиз зәрүр. Соның ишинде, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң баслығын тайынлаў бойынша пәрман Сенат тәрепинен тастыйықланыў тәртибин енгизиўди усыныс етемен.

Соның менен бирге, Ҳүкимет тәрепинен таярланған Коррупцияға қарсы гүрес бойынша жыллық миллий баянатты додалаў мәселесин парламентимиз ўәкиллигине киргизиў керек.

Сондай-ақ, Олий Мажлистиң парламентлик қадағалаўын әмелге асырыў бойынша ўәкилликлериниң конституциялық тийкарларын күшейтиў бойынша жумысларды даўам еттириў керек. Усы мақсетте мен Президенттиң айырым ўәкилликлерин Олий Мажлиске өткериўди усыныс етемен. Мысал ушын, Есап палатасының баслығын лаўазымға тайынлаў ҳәм азат етиў ўәкиллигин Сенатқа өткериў мақсетке муўапық. Бул арқалы Есап палатасы Мәмлекетлик бюджеттиң қәлиплесиўи ҳәм орынланыўын тәмийинлеўде парламентлик қадағалаўдың әҳмийетли қуралына айланады.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў системасын реформалаўдағы әҳмийетли мәселе – бул орынларда ҳәкимлер ҳәм жергиликли кеңеслердиң ўәкиллигин ажыратыў болып есапланады.

Бәршеңизге белгили, бул идеяны мен бурын да бир неше рет алға қойған едим. Әмелге асырған реформаларымыздың нәтийжесинде жергиликли кеңеслер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкилликлери кеңейди. Буннан келип шығып, ҳәкимлер бир ўақыттың өзинде халық депутатлары кеңеслерине де басшылық етиўи ҳаққындағы қағыйданы Конституциядан шығарып таслаў ўақты келди, деп есаплайман.

Бул реформаның енгизилиўи ҳәкимият ўәкилликлерин бөлиниў принципин жергиликли дәрежеде енгизиўге, жергиликли кеңеслердиң жумыс нәтийжелилигин, ҳәкимлердиң халық ўәкиллери алдындағы жуўапкершилигин арттырыўға алып келеди. Аймақларда халықтың мәплерин толық тәмийинлеўге, ҳәкимликлердиң жумысы үстинен кеңеслер ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге хызмет етеди.

Биз халық ўәкилликли уйымлардың ўәкилликлерин буннан былай да кеңейтиў жолынан барамыз.

Пуқаралардың мәмлекетлик жумысларды басқарыўдағы қатнасыўын кеңейтиў мақсетинде нызамшылық басламасы ҳуқықы институтын реформалаўды мақсетке муўапық, деп есаплайман. Атап айтқанда, Конституциямызға нызамшылық усынысларын киргизиў институтын енгизиўди усыныс етемен.

Бул институт шеңберинде 100 мың адамнан аз болмаған муғдардағы пуқаралар өз нызамшылық усынысларын Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына киргизиў имканиятына ийе болады. Усы тәризде енди халық тиккелей нызам дөретиўшилиги сыпатында баслама көрсетиў ҳуқықын қолға киргизеди.

Бул жаңа нызамшылық усынысларын киргизиў институтын Олий Мажлис Сенаты, Омбудсман ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясына да бериў ўақты келди, деп есаплайман. Онда басламалар нызам жойбары тәризинде емес, ал усыныслар көринисинде киргизиледи.

Атқарыўшы ҳәкимият уйымларының конституциялық жуўапкершилик тараўларын, ўәкилликлерин кеңейтиў менен бирге, оларды әмелге асырылыўы үстинен жәмийетлик ҳәм парламентлик қадағалаўды күшейтиў де талап етиледи.

Усы мүнәсибет пенен Ҳүкимет ўәкилликлерин кеңейтиўди усыныс етемен. Атап айтқанда, Конституцияда Министрлер Кабинети ҳәм ҳәкимликлериниң экология, жаслар сиясатын әмелге асырыў, шаңарақты қоллап-қуўатлаў, беккемлеў ҳәм қорғаў, майыплығы болған шахсларды социаллық қорғаў, қолайлы жәмийетлик транспортты раўажландырыў, халықтың дем алыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкершилигин белгилеў керек.

Пуқаралардың тыныш, еркин ҳәм абадан жасаўы Ҳүкимет ҳәм жергиликли атқарыў уйымлары жумысының баслы нормасына айланыўы зәрүр.

Және бир әҳмийетли мәселе. Жаңа Өзбекстанда Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай нық қәдем таслап атырған екенбиз, барлық суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери соны терең аңлап жетиўи керек.

Суд-ҳуқық системасын қаралайтуғын, жазалайтуғын уйымнан инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғайтуғын уйымға айландырыў – реформаларымызда шешиўши әҳмийетке ийе.

Раўажланған мәмлекетлер сыяқлы бизлерде де әдил ҳәм ғәрезсиз суд, нызам үстинлигин әмелде тәмийинлеўши прокуратура, жәмийетлик тәртипти сақлайтуғын ҳәм инсан ҳуқықларын қорғайтуғын ишки ислер, миллий гвардия, күшли адвокатура системасын жаратыў тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады.

Бүгинги имканияттан пайдаланып, Конституция статьяларын тиккелей әмелге асырыў механизми ҳаққында да пикир алысып алыўымыз зәрүр.

Конституцияның жоқары юридикалық күшке ийе екени, тиккелей қолланыўы, инсанның тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлери ажыралмайтуғын ҳәм қолқатылмас болып, ҳәр кимге туўылғанынан баслап тийисли екени атап өтилмекте. Булардың ҳәммеси Тийкарғы нызамның қорғаўшысы болған Конституциялық суд жумысын буннан былай да жетилистириўди талап етпекте.

Бул суд, басқа судлардан өзгеше түрде, тек ғана Конституцияға бойсынады ҳәм Тийкарғы нызамның үстинлиги принципин тәмийинлейди. Онда Конституциялық суд нызам шығаратуғын ҳәм орынлайтуғын ҳәкимият шығарған ҳүжжетлерде, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери үстинлигине байланыслы конституциялық принцип ҳәм Конституция нормаларына бойсыныўына итибар қаратады.

Усы мүнәсибет пенен Конституциялық суд жумысын түп-тийкарынан өзгертиў, оның ўәкилликлерин анықластырыў ҳәм есап бериўин арттырыў керек.

Сондай-ақ, Конституциямызда пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиң белгили жумыста суд тәрепинен оларға қолланылған нызамның Конституцияға сәйкеслигин тексериў ҳаққындағы шағымларын көрип шығыўды Конституциялық судтың ўәкиллигинде сәўлелендириў мақсетке муўапық.

Әзиз дослар!

Барлық ийгиликли мақсетлеримиздиң әмелге асыўы миллетлер ҳәм динлераралық татыўлыққа, елимиз тынышлығы ҳәм қәўипсизлигине байланыслы. Мәмлекетимизде алып барылып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясат бул ўазыйпалардың шешимине қаратылған.

Өткен дәўирде биз дүньяның көплеген мәмлекетлери менен, атап айтқанда, региондағы барлық мәмлекетлер менен бирге ислесиўди жақсыладық, жақын қоңсышылық ҳәм дослық орталығын беккемледик.

Соннан келип шығып, Тийкарғы нызамымызға Өзбекстан барлық мәмлекетлер, бәринен бурын, өзиниң жақын қонсылары менен тынышлықсүйиўши ҳәм дос сиясат жүргизиўи, оның сыртқы сиясаты инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин ҳүрмет етиў, мәмлекетлердиң аймақлық пүтинлигине байланыслы принцип ҳәм нормаларға тийкарланыўы ҳаққындағы статьяны қосыўды усыныс етемен.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз ҳәм дүньяда түпкиликли өзгерислер жүз берип атырған ҳәзирги шараятта Өзбекстан сыртқы сиясатының концептуаллық-ҳуқықый тийкарларын жаңалаў ҳәм жетилистириў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Өзбекстан Республикасының Миллий қәўипсизлик концепциясы 1997-жылы тастыйықланған. Өзбекстан Республикасының Сыртқы сиясий жумысы концепциясы болса 2012-жылы қабыл етилгенин атап өтиў зәрүр.

Бул еки әҳмийетли ҳүжжет бүгинги дүнья жүзинде жедел пәт пенен өзгерип атырған жаңа шараятларға толық жуўап бере алмай атырғаны айқын көринип тур.

Усы мүнәсибет пенен, ҳәзирги ўақытта халықтың кең қатламының додалаўында болып турған конституциялық реформаларды есапқа алып, Өзбекстан Республикасының Миллий қәўипсизлик концепциясы ҳәм Өзбекстан Республикасының Сыртқы сиясий жумысы концепциясын жаңа редакцияда ислеп шығыў зәрүр, деп есаплайман.

Бул ҳүжжетлердиң оғада әҳмийетлилигинен келип шығып, усы концепцияларды да Конституциялық нызам түринде қабыл етиўди усыныс етемен.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Әлбетте, халқымыздан Комиссияға келип түскен барлық әҳмийетли усынысларды бүгин Сизлер менен толық додалаў имканиятына ийе емеспиз. Мен олардың тек ғана айырымларына тоқтап өттим.

Конституциялық комиссия биринши басқышта өз жумысын жуўмағына жеткерип, халқымыздан келип түскен барлық усынысларды системаластырылған ҳалда, Олий Мажлис палаталарына усыныў алдында тур.

Енди алдымызда бул жумысларымыздың екинши басқышы, яғный мине усы усынысларды халқымыз, жәмийетшилигимиз бенен және бир мәрте ҳәр тәреплеме көрип шығып, қабыл етиў ўазыйпасы тур.

Соны айрықша атап өтиўди қәлер едим: бизлер усы күнге шекем барлық реформаларды пүткил халқымыз бенен мәсләҳәтлесип әмелге асырып атырмыз. Конституцияға киргизилетуғын ҳәр бир өзгерислер ҳәм қосымша, әлбетте, улыўмахалықлық додалаўға қойылыўы зәрүр. Себеби, елимиз оғада әҳмийетли ҳәм шешиўши тарийхый таңлаў алдында тур.

Конституциялық реформа арқалы бизлер Жаңа Өзбекстанда инсан қәдирин әмелде ең жоқары қәдирият дәрежесине көтериўге қаратылған барлық әмелий жумысларымыздың беккем ҳуқықый тийкарларын жаратып, ертеңги күнимиз, келешегимиз қандай болыўын белгилеп алыўымыз керек.

Усы мәнисте, Комиссияның усынысы тийкарында Парламент тәрепинен ислеп шығылған жойбарды улыўмахалықлық додалаўда көрип шығыўды, ҳәм референдум өткериў жолы менен қабыл етиўди усыныс етемен.

Дурыс, әмелдеги нызамшылығымыз бойынша, парламенттиң өзи де Конституцияға өзгерис киргизиў ўәкиллигине ийе. Бирақ, конституциялық реформаны пуқараларымыздың пикири ҳәм қоллап-қуўатлаўы тийкарында, референдум арқалы әмелге асырсақ, бул тийкарғы мәнисте халқымыздың арзыў-нийетиниң көриниси – ҳақыйқый халық Конституциясы болады, деп ойлайман.

Бул «Конституцияның бирден-бир дәреги ҳәм авторы – халық болып есапланады» деген принципке толық сәйкес келеди. Сонда ҳәр бир ўатанласымыз «Жаңа Өзбекстан Конституциясы – мениң Конституциям» деп жоқары мақтаныш пенен айта алады.

Усы пурсаттан пайдаланып, халқымызға мүрәжат етпекшимен.

Әзиз ўатанласлар, бүгин тынышсыз дүньяда, оғада қәўипли заманда жасап атырмыз. Мәмлекетимизди раўажландырыўда оғада жуўапкершиликли дәўирди бастан өткерип атырмыз.

Жаңа Өзбекстанды қурыў мақсетинд баслаған барлық реформаларымыз ҳәр биримиздиң бүгин ҳәм келешекте абадан турмыс кешириўимизди тәмийинлеўге қаратылған.

Ҳәр бир ўатанласымыз өз турмысы, еркинлиги, қәдири, абырайын көтерип, Ўатаны ҳәм халқына таўдай таяныш болып жасай алады, еркин ҳәм күш-ғайратлы инсанлар болып есапланады.

Сол себепли бәршемиз Конституцияға киргизиў усыныс етилип атырған жаңа норма ҳәм қағыйдаларды сана-сезимимиз, жүрегимизден өткерип, оларға қалыс ҳәм әдил мүнәсибетимизди билдириўимиз керек.

Бәршемиз Тийкарғы нызамымызда өзимизди, шаңарағымызды, мәҳәллемиздиң арзыў-нийетлерин көриўге умытылып атырғанымыз – бул тәбийғый ҳәм оғада дурыс.

Конституцияға киргизилетуғын барлық дүзетиў ҳәм қосымшалар мәмлекетимиздиң 14 аймақлық бирлигинен ибарат бирден-бир мәмлекетти, миллетине қарамастан, бирден-бир ҳәм қүдиретли Өзбекстан халқын және де бирлестиреди ҳәм уллы мақсетлерге қарай мобилизациялайды, деп ойлайман.

Сол себепли барлық әзиз ўатанласларымызды конституциялық реформа процесинде және де белсене қатнасыўға шақыраман.

Бул процесстеги қатнасыўымыз бенен өзимиз, шаңарағымыз, перзентлеримиз мине усы муқаддес жерде және де еркин ҳәм абадан жасаўы ушын беккем тийкар жарататуғынымызды ҳеш қашан умытпайық.

Қәдирли ўатанласларым!

Сизлерди исендирип айтпақшыман, мәмлекетимиз жаңаланып атырған Конституциямыз статьяларын турмыста толық енгизиў ушын барлық күш ҳәм қуралларын жумсайды.

Бул жаңалықлар анық нызам ҳәм кодекслер, әмелий бағдарламалар ҳәм режелер менен турмысымызда, әлбетте, өз көринисин табады. Ҳәр бир конституциялық норманың орынланыўын тәмийинлеў бойынша анық социаллық, экономикалық, сиясий-ҳуқықый илажлар көриледи.

Исенимим кәмил, елимиз жақсы нийетлер менен баслап атырған үмитли ҳәм турақлы реформаларымызды әлбетте қоллап-қуўатлайды.

Конституцияға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўи тек ғана конституциялық реформалардың басланыўы. Конституциялық реформаларды түп тийкарынан турмысқа енгизиў ушын алдымызда және де әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпалар пайда болады.

Бәринен бурын, барлық нызамларымызды, пүткил нызамшылығымызды қайтадан көрип шығып, жаңа конституциялық нормаларға муўапықластырыўымыз керек.

Мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик басқарыў системасын конституциялық реформаларға сәйкес ҳалда жетилистириў зәрүрлиги туўылады.

Екиншиден, бақшадан баслап жоқары оқыў орнына шекем пүткил тәлим-тәрбия системасы конституциялық норма ҳәм принциплер менен қамтып алыныўы зәрүр.

Бәркамал әўлад, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында өсип атырған жаслар тәрбиясы Конституцияда беккемленген норма ҳәм қағыйдаларды перзентлеримиздиң сана-сезимине сиңдириўден басланыўы зәрүр.

Ҳәр бир пуқарамызда конституциялық ҳуқық мәдениятын, конституциялық сана-сезимди ҳәм Тийкарғы нызамға ҳүрмет сезимин қәлиплестириўимиз керек.

Үшиншиден, алдымызда турған ең әҳмийетли ўазыйпа – барлық мәмлекетлик уйымлар, лаўазымлы шахслар, пуқаралардың жаңа конституциялық норма ҳәм принциплерге сөзсиз әмел етиўин тәмийинлеўден ибарат. Конституция тиккелей әмел ететуғын ҳүжжет болыўы шәрт.

Мәмлекетлик уйымлар, әсиресе, судлар өз жумысында Конституцияға тиккелей мүрәжат етиўи, оның нормаларына тийкарланып жумыс ислеўи зәрүр.

Ҳәр бир пуқара күнделикли турмыста, өз ҳуқықларын әмелге асырыў ҳәм қорғаўда Конституциямыздан күш-қуўат алып ҳәрекет етиўи, оған сүйениўи керек.

Бүгинги жедел пәт пенен раўажланып атырған заманда инсанның еркинликлери менен ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған демократиялық пуқаралық жәмийет қурыў арқалы Өзбекстанда жасап атырған ҳәр бир пуқараның раўажланған мәмлекетлердеги инсанлардан кем болмаған ҳалда жумыс ислеўи ҳәм жасаўы ушын шараят жаратыў – тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады.

Биз жумыс ислеўге – жумыс, жасаўға – үйи болған, пуқаралары тыныш ҳәм еркин, турмысынан қанаатланған, дастурханы мол, шаңарағы бахытлы ҳәм абадан жасайтуғын мәмлекет қурыўды мақсет еткенбиз.

Биз, мине, усындай уллы жумыслар алдында турмыз. Күшли экономика қурып, дүньяда мүнәсип орнымызды ийелеўимиз, халқымызға жоқары шараятлар жаратыў ушын да оғада көп жумысларды биргеликте әмелге асырыўымыз керек.

Бийтәкирар елимизде турақлы жәмийетти ҳәм даўамлы раўажланыўды тәмийинлеў – бәршемиздиң баслы мақсетимиз болып есапланады.

Мен пүткил халқымызды, мине, усы уллы мақсетке ерисиўде өз-ара бирликке ҳәм аўызбиршиликке шақыраман.

Халқымыз сиясий-ҳуқықый идеологиясының айқын көриниси болатуғын жаңаланып атырған Конституциямызға сүйенип, Жаңа Өзбекстанды әлбетте биргеликте қурамыз.

Арадан жыллар, әсирлер өтеди, бирақ оғада қыйын шараятта бундай үлкен реформаларды әмелге асырыўға мүнәсип үлес қосқан инсанларды келешек әўладлар ҳеш қашан умытпайды.

Мине, усындай уллы бахыт ҳәм абырай ҳәммемизге яр болсын!

Сөзимниң жуўмағында бәршеңизге мине усындай уллы жумысларды әмелге асырыўда жетискенликлер ҳәм әўметлер тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.