Нөкис қаласында «Бес баслама олимпиадасы» шеӊберинде стол тенниси бойынша республикалық жарыс болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм басқа да ўәлаятлардан өз аймақларында жеӊимпаз болған жаслар «B» ҳәм «C» лигаларында 16-21, 22-26 ҳәм 27-30 жас аралықларында өз-ара беллесиўлер алып барды.

Бул жарысларда республикамыз спортшылары да табыслы қатнасып, «В» лигада 16-21 жастағылар арасында Жетес Жанызақов, «С» лигасында қатнасқан Анвар Ходжиев, 22-26-жастағылар арасында «С» лигада Ихтияр Абдихалиқовлар 2-орынды, 27-30-жас категориясыныӊ «В» лигасындаболса,  Мамур Шарипов 1-орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

-Бул жарыста барлық қарсыласларымды жеӊип шығып 1-орынды ийелеўге миясар болдым,-дейди бизге Мамур Шарипов.-Жеӊимпазлықты қолға киргизгеним ушын енди мәҳәллемиз аймағынан жаслар ушын Өзбекстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлиги тәрепинен спорт комплекслери қурып берилетуғын болды. Буныӊ ушын оғада қуўанышлыман ҳәм усындай жарыслар тез-тезден шөлкемлестирилип турса екен деймен. Себеби, жарысларда өз күшиӊди сынап, тапланасаӊ.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы