Усы жыл 21-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отызыншы сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Бәршемизге белгили, бүгинги күни  мәлекетимизде конституциялық реформалар процеси қызғын алып барылмақта.  Сол себепли, сессияның күн тәртибинен орын алған биринши мәселе Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша усыныслар киргизиў ҳаққында болды.

Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы П.Айтниязов, Әдиллик министри С.Мәмбетқадиров, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, партия фракцияларының басшылары шығып сөйледи.

Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин сессияда «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Д.Қурбаниязов баянат жасады.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары 6 бап, 35 статьядан ибарат болып, ҳәрекеттеги  Нызамға салыстырғанда 12 статья менен байымақта. Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти. Соның менен бирге, усынылып атырған нызам жойбарында диний шөлкемлерди дизимге алыў ҳәм тоқтатыўға байланыслы тәртип әпиўайыластырылмақта. Сораў-жуўаплардан соң депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Усы жылдың май айында мәмлекетимизде пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўы болып өтти. Сайлаўлар барлық пуқаралар жыйынларында ҳәрекеттеги нызам талаплары тийкарына жоқары дәрежеде шөлкемлестириўшилик, алтернативалы ҳәм тең сайлаў ҳуқықы тийкарында өткерилди.

Сесесияда болып өткен сайлаўлардың жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў  министри С.Турмановтың есабаты тыңланды.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 28-июльдеги «Жүзимгершиликти раўажландырыўда кластер системасын енгизиў, тараўға заманагөй технологияларды қолланыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары талапларының республикамызда орынланыў барысы туўралы Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаевтың есабаты тыңланды.

Атап өтилгениндей, қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша мәмлекетимизде 48 район, соның ишинде, республикамызда Елликқала ҳәм Нөкис районлары жүзимгершиликке қәнигелестирилди. Атап өтилген еки районда өткен жылдың гүз ҳәм быйылғы жылдың бәҳәр айларында жәми 3266 гектар майданға жүзим нәли егилди.

Бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етилди.

Сессия соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы мәселе көрип шығылып, бул бойынша депутатлар тийисли  қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отызыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери