Нөкис қаласындағы 1-санлы балаллар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Бес баслама олимпиадасы»ның стол тенниси бойынша «В» ҳәм «С» лигалары бойынша Өзбекстан Республикасы басқышы болып өтпекте.
Жарыста Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм бизиң республикамыздан усы лигаларда жеңимпаз болған 136 спортшы қатнаспақта.
Жарыстың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында спортты раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң усы жыл 11-апрельдеги «Мәҳәллелерде жасларды ғалабалық спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында спорттың футбол, мини футбол, волейбол, жеңил атлетика, шахмат, шашка, стол тенниси, стритбол, воркаут түрлери бойынша бес басқышлы ғалабалық спорт жарысларын өткериў системасы енгизилди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, мәҳәллелерде жаслардың ғалабалық спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын материаллық-техникалық базаны беккемлеў, спорт имаратларын заманагөй спорт үскенелери менен тәмийинлеў, сондай-ақ, имканияты шекленген жаслар ушын спорт инфраструктурасын жаратыў болып табылады .Соның менен бирге, спортта жоқары нәтийжелерген ерискен жасларды ҳәм олардың тренерлерин хошаметлеп барыўдан ибарат.
Биринши басқыш көшелерде, екинши басқыш мәҳәллелерде, үшинши басқыш қала ҳәм районларда, төртинши басқыш республикалық, бесинши басқыш мәмлекетимиз көлеминде 7-10, 11-15, 16-21, 22-26, 27-30 жас категорияларында өткериледи.
Стол тенниси бойынша «А» лигасының жарыслары жақында Ташкент ўәлаятында жуўмақланды. Онда республикамыздан қатнасқан 12 спортшыдан 4 спортшы төртинши орынды ийеледи.
-Шашка бойынша Әндижан ўәлаятында болып өткен Өзбекстан Республикасы басқышында республикамыз спортшылары жақсы нәтийжелерге еристи,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлигиниң бөлим баслығы Икрам Қудияров.-Атап айтқанда, еки спортшымыз биринши, бир спортшымыз екинши, бир спортшымыз үшинши орынды ийелеп, төрт медальды қолға киргизди. Қалған спорт түрлери бойынша да жоқары орынларды ийелейди, деген үмиттемиз.
Еки лига бойынша сыйлы орынлар ийелери бүгин анықланады. Жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими Нөкис қаласындағы Ашық театрда болып өттеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы