Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың  мирәт етиўине бола Әзербайжан Республикасы Президенти Илхам Алиев 21 июнь күни мәмлекет сапары менен мәмлекетимизге келди.

Ташкент халықаралық аеропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.

Сапардың тийкарғы илажлары бүгин болып өтеди. Жоқары дәрежедеги өз-ара келисиўлерде Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп қырлы шерикликти кеңейтиў мәселелери талқыланады. Олардың нәтийжелери бойынша санаат, транспорт, аўыл хожалығы, энергетика, илим ҳәм инновациялар, туризм ҳәм басқа да  тараўларға байланыслы өз-ара ҳүжжетлерге кол қойылыўы  нәзерде тутылған.

 Гулхатиша Уразбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары 3-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги