17-20-июнь күнлери Әндижан ўәлаятында өткерилген «Бес әҳмийетли баслама олимпиадасы» шеӊберинде Әмиўдәрья районы турғынлары мүнәсип түрде қатнасып қайтты.

Атап айтатуғын болсақ, «Қытай» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны 27-30 жастағы ҳаял-қызлар арасында Сановар Шарифбаева 1-орын, 16-21 жастағылар арасында «Бабур» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Умида Ибрагимовалар 2-орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

-Мен 16-21 жас арасындағы жарыста 2-орынды ийелеп 7 миллион сум ҳәм мәҳәлле аймағында спорт майданшасын қурып бериў ушын арнаўлы сертификатты қолға киргиздим,-дейди Умида Ибрагимова. –Жарыс күтә кескин болды. Бирақ, өз шеберлигимди көрсетип қарсыласласларымды жеӊип шығыўға еристим. Мен буннан қуўанышлыман.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы