Президент Шавкат Мирзиёев 17-июнь күни Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайының жумысы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы бул мәкемениң ески имаратын өткен жылы 14-майда барып көрген еди. Ол ўақытта емлеўхана Республикалық гематология орайы болып, жасы үлкенлерге де, балаларға да бир жерде хызмет көрсетилетуғын еди. Дәри-дәрмақ тәмийнаты жетерли болмағаны, химия терапия усыллары жолға қойылмағаны себепли емлениў нәтийжелилиги 30 проценттен артпады.

Имараттағы шараятлар да ашынарлы еди. Бир ханада 3-4 наўқас жататуғын, санитар ханалар улыўмалық еди. Аўқат ушын ҳәр бир наўқасқа күнине тек ғана 11 мың сум ажыратылған. Лабораториялық анализлердиң ярымы жеке меншик клиникаларда өткерилетуғын еди.

Буннан кейин, бул жерде көрингенлер, ата-аналар ҳәм қәнигелер менен сөйлесиўлер тийкарында Президентимиз 2021-жыл 27-май күни «Халыққа гематология ҳәм онкология хызметлерин көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында» қарар қабыл етти. Оған муўапық, балалар гематологиясы ҳәм онкологиясы тараўы жасы үлкенлер емлеўханасынан ажыратылып, өз алдына орайға айландырылды. Бул мәкеме ушын Ташкент қаласы Чиланзар районы Арнасай көшесинде қурылған жаңа имарат берилди ҳәм усы жыл январьдан жумыс баслады.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги шараятлар менен жақыннан танысты.

Жаңа орайда орынлар саны алдынғы 85 тен 160 қа жеткерилген. Наўқас бала ҳәм оның ата-анасы ушын айрықша шараятлар жаратылған.

Бүгинги күнде 101 бала емленбекте. 130 дан аслам шыпакер, соның ишинде, 38 илимий хызметкер ҳәм жүзлеген мийирбийкелер оларға бар шеберлигин бағышлап атыр.

Балалар онкогематологиясы, гематология, онкология, реанимация, гемодиализ ҳәм плазмоферез бөлимлери, стационар ҳәм мәсләҳәт поликлиникасы заманагөй үскенеленген. Усы жылы алдынғыларына қосымша 14 түрдеги әсбап-үскене алып келинип орнатылды.

Дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў дәрежеси де арттырылды. Мәселен, 2016-жылы буның ушын 2 миллиард 800 миллион сум қаржы ажыратылған болса, ҳәзирги ўақытта бул муғдар дерлик 60 есеге арттырылып, 170 миллиард сумға жетти. 91 түрдеги онкогематологиялық дәри-дәрмақлар мәмлекет есабынан бийпул берилмекте.

Сырт елли консультантлар тартылып, емлеў ҳәм диагностика стандартлары жаңаланды. Соның ишинде, өзек клеткалары трансплантациясының саны артты.

Және бир әҳмийетли тәрепи, молекуляр генетика, иммуногистохимия сыяқлы қыйын диагнозлар усы жердиң өзинде жолға қойылды. Бурын буның ушын үлгилер Ҳиндстан, Түркия, Россия сыяқлы мәмлекетлерге тексериў ушын жиберилетуғын еди.

Балалардың емлениўи менен бирге тәлим-тәрбиясы да итибарда. Бул жерде «Замин» фонды тәрепинен 40 орынға ийе мектеп ҳәм 30 орынға ийе бақша шөлкемлестирилген. «Меҳри мектеп» ҳәм «Дәслепки қәдем» атлы бул жерлерде балалар билим алып, қызықлы сабақларды үйренбекте.

Президентимиз орайда емленип атырған балалар ҳәм олардың аналарына тәселле берди.

– Жаныңызға және келиўден мақсетим – сизлерге күш бериў, үмитти еки есе көбейтиў. Бул ҳәммемизге сынақ. Биз мәмлекет болып, ақлымызды, күшимизди иске қосып, бул кеселликлерди жеңиўимиз керек. Ата-аналарға жәрдем берип, балалардың дәртине дәрман болып, оларды саўалландырыўымыз зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз балалардың арзыў-нийетлерин қоллап-қуўатлады, тезирек саўалып, жақсы оқыўын тиледи.

Усы жерде Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайының жумысын кеңейтиў режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Оған бола, гемапоэтикалық өзек клеткаларын аллоген ҳәм аутологиялық трансплантациялаў ушын 2 асептик имарат, аймақлардан узақ мүддетке келетуғынлар ушын 200 орынға ийе хостел қурылады. Жылдың ақырына шекем орайға және 67 түрдеги үскенелер алып келинеди.

– Бул тараў елимизде жаңа система. Енди оны аймақлық емлеўханалардағы усындай бөлимлер менен байланыстырып, кеселликлерди ерте анықлаў зәрүр. Төменги буўында скринингти кеңейтип, «кеселликтен алдын жүриў» керек, – деди Президент.

Усы орай негизинде илимди раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

– Имаратта шараят бар, жетискенлик жоқ. Жетискенлик илимдеӘ Соның ушын бул жер кеселлик факторларынан баслап, нәтийжели емлеў усылларына шекем үйрениў бойынша илимий орай болыўы керек. Ўәлаятлардағы медицина хызметкерлери келип, маманлық арттырсын, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бул тараў жоқары раўажланған Германия тәжирийбеси тийкарында емлеў протоколын жаңалаў, қәнигелер тартыў бойынша көрсетпелер берилди.

Президентимиздиң Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайына келиўи ўақтында аналық ҳәм балалықты қорғаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз халқының 20 миллионын балалар ҳәм туўыў жасындағы ҳаял-қызлар қурайды. Олардың саламатлығын айрықша итибарға алыў мақсетинде усы жылдан барлық район ҳәм қалалардағы көп тармақлы поликлиникаларда балалар бөлими шөлкемлестирилди. Күни түни жумыс ислейтуғын педиатр қыстаўлы постлары ҳәм балалар реанимация бөлимлери қайта тикленди.

Туўыў комплекси ҳәм перинаталь орайлар, ҳаял-қызлар мәсләҳәтханалары тәрепинен жылына 850 мың ҳәмиледарларға профессионал медициналық хызметлер көрсетилмекте. Барлық орайлық поликлиникаларда «Онко-қадағалаў» ханалары шөлкемлестирилип, 35 жастан асқан ҳаял-қызлар ҳәр жылы скрининг тексериўинен өткерилмекте. Бул ҳаял-қызларда рак кеселликлерин ерте анықлаў имканиятын 10 есеге арттырды.

Усындай жумыслар нәтийжесинде кейинги алты жылды аналар өлими интенсив көрсеткиши 21 ден 15 ке, нәрестелер өлими 11 ден 8 ге азайған. Бирақ бир усындай жағдай да жәмийетимиз ушын үлкен қәўип.

Сол себепли мәжилисте аналар ҳәм балалар денсаўлығын беккемлеў, кеселликлердиң алдын алыў мәселелери додаланды.

Бүгинги күнде республикамыз бойынша дерлик 16 емлеўханада асқынласқан ҳәмиледарлыққа қәнигелестирилген жәрдем көрсетилмекте. Сол себепли 46 район ҳәм қаладағы туўыў комплекслеринде зәрүр шараятлар жаратып, районлараралық перинаталь орайға айландырылатуғыны атап өтилди.

Ҳәр бир поликлиникада шөлкемлестирилген 17 мың медициналық бригада ушын маман акушерлер таярлап, жумысын жолға қойыў бойынша көрсетпе берилди.

Усы жыл Ташкент қаласындағы 15 туўыў үйинде нәрестелердиң еситиў қәбилетин тексериў басланды. Қәнигелерди оқытып ҳәм арнаўлы үскенелер сатып алынып, келеси жылдан барлық туўыў үйлеринде енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Бүгинги күнде туўыў жасындағы ҳаял-қызлардың денсаўлығына – Репродуктивлик саламатлық орайы, ҳәмиледеги нуқсанларды анықлаўға – Скрининг орайы, перзент көриў процесине – Акушерлик ҳәм гинекология орайы жуўапкер есапланады.

Олардың аймақлық филиаллары бир-бири менен байланысқан ҳалда жумыс ислемегени себепли ҳаял-қызлар сергиздан болмақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул 3 мәкемени бирлестирип, жаңа орай шөлкемлестириў зәрүр екенин атап өтти. Бул жаңа орай инновациялық технологиялар тийкарында репродуктивлик саламатлықтың медициналық-биологиялық машқалаларын шешиў, туўма майыплықтың алдын алыў бойынша генетикалық изертлеўлер алып барыў, бийқәтер аналықты тәмийинлеў сыяқлы оғада әҳмийетли ўазыйпаларға қәнигелеседи.

Мәжилисте тараў жуўапкерлери, шыпакерлер, ҳәкимлер шығып сөйлеп, пикир-усынысларын билдирди. Ўәлаят ҳәкимлери онкология ҳәм гематология хызметлерин раўажландырыў, аналық ҳәм балалықты қорғаў илажлары бойынша аймақ халқына мүрәжат етиўи белгиленди.

ӨзА