Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Конституциялық комиссия ағзалары менен ушырасыўы даўам етпекте.

«Көпшилигимиз жақсы билемиз, әййемги Рим ҳуқықында алтын қағыйдалар бар. Мәселен, «ҳеш кимге орынлап болмайтуғын миннетлемени жүклеме» ямаса «нызам-имканиятсыз затты талап етпейди», сыяқлы қағыйдалар солардың қатарына киреди.

Тилекке қарсы, миллий нызамшылығымызда орынлап болмайтуғын ямаса орынлаў қыйын болған нормалар да ушырасып турады. Тийкарында, нызамлар инсанға  ҳеш қашан артықша талап қоймаўы керек.

Артықша талап, бәринен бурын, артықша қәрежет дегени. Қалаберди, бул коррупцияға жол ашады.

Мине, бир мысал, пуқараның ипотека кредитинен 3 миллион сумлық үш айлық қарызы бар.

Әмелдеги нызамшылығымызға бола, банк қарыздарды судқа береди. Бирақ бул мәселеде даўа арзасы 3 миллион сум, яғный реал қарыз бойынша емес, ал кредиттиң төленбеген бөлегине, деп, 250 миллион сумға салыстырмалы бериледи.

Суд арзаны көрип шығып, қарыздардан 10 миллион сумнан артық мәмлекетлик бажыны өндириў ҳәм шәртнаманы бийкар етиў бойынша қарар қабыл етеди. Өзиңиз ойлаң, 3 миллион сумды төлей алмаған пуқара 10 миллион мәмлекетлик бажыны қалай төлейди?» деди Президент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги