Ҳәзирги ўақытта Президентимиздиң Конституциялық комиссия ағзалары менен ушырасыўы даўам етпекте.

Ядыңызда болса, Конституциямыз қабыл етилгениниң 25 жыллығына бағышланған мәресимде жақын ағайинлери судланған, деп пуқараларды жумысқа қабыл етпеў ямаса жоқары лаўазымларға тайынламаўға байланыслы мәселеге айрықша тоқтап өткен едим.

Не себептен бир жынаят ушын пүткил әўлад жуўап бериўи керек?

Әкесиниң қылмысы ушын неге перзентлери ямаса аға ушын ини жуўап бериўи керек! Бундай әдалатсыз системадан пүткиллей ўаз кешемиз.

Себеби халқымызға бурынғы аўқам дәўиринде, әсиресе, өткен әсирдиң 30-жылларындағы сиясий қурбан болғанлардың өзи жетерли емес пе?!

Соның ушын, Конституциямызға «Шахстың судланғанлығы ҳәм оннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеўге тийкар болыўы мүмкин емес», деп қатаң жазып қойыўымыз керек.

«Еркинен айырылған барлық шахсларға адамгершилик қатнас ҳәм олардың қәдир-қымбаты тәмийинлениўи шәрт», деген норма да Тийкарғы нызамымызда өз көринисин табыўы зәрүр» деди Президент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги