Президентимиздиң Конституциялық комиссия ағзалары менен ушырасыўы даўам етпекте.

«Тарийхый тәжирийбе соны көрсетеди, инсанның қәдир-қымбаты бәринен бурын оның тәбийғый жасаў ҳуқықында сәўлеленеди.

Бул- ең уллы ҳәм муқаддес қәдириятларымыздан бири.

Ҳәммемизге белгили, биз өлим жазасы тайынланатуғын жынаятлар санын басқышпа—басқыш азайтып, бул жазаны толық бийкар еттик.

Соған қарамастан, айырым пуқаралар тәрепинен өлим жазасын тиклеў, оны жынаят нызамшылығына қайтадан киргизиў ҳаққында усыныслар да алға қойылмақта.

Демократиялық ҳәм адамгершилик идеяларын уллы қәдирият дәрежесине көтерген дүньядағы айырым мәмлекетлерде өлим жазасы бийкар етилген.

Себеби жасаў ҳуқықы – ҳәр бир инсанның тәбийғый ҳуқықы болып, оған бул ҳуқықты мәмлекет емес, Жаратқанның өзи берген.

Егер сизлер қоллап-қуўатласаңыз, Конституциямызға «Өзбекстанда өлим жазасы қадаған етиледи», деген және бир әҳмийетли норманы киргизиўди усыныс етемен.

Сол тәризде, биз бул оғада аўыр мәселеде ҳеш қашан артқа қайтпайтуғынымызды, адамгершилик идеяларына садық екенимизди пүткил дүньяға анық көрсетемиз», деди Президент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги