Мәмлекетимиз басшысының Конституциялық комиссия ағзалары менен ушырасыўы даўам етпекте.

«Әлбетте, өткен қысқа дәўирде жәмийетимиздиң сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық келбети түпкиликли өзгерди.

Алты жыл алдынғы халқымыз бенен ҳәзирги ўатанласларымыздың көзқарасы арасында үлкен парық бар.

Инсаният илимий-технологиялық дәўирге қәдем қойды. Жәҳәнде кескин трансформация процесслери ҳәм бәсеки күшеймекте.

Ертеңги күнин ойлаған халықлар ҳәм мәмлекетлер өз келешеги ҳаққында бүгин ҳәр қашанғыдан да айрықша бас қатырмақта.

Усы жерде тәбийғый сораўлар пайда болады. Мине, усындай, шешиўши ўақытта ҳәм келешекте мәмлекетимизде, жәмийетимизде инсанның орны ҳәм қәдири қандай?

Қандай сиясий-ҳуқықый, экономикалық-социаллық ҳәм руўхый-гуманитарлық принциплер, қәдирият ҳәм мәплер биз ушын тийкарғы әҳмийетке ийе болады?

Ең әҳмийетлиси, конституциялық реформалар әпиўайы халыққа, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге, жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиздиң раўажланыўына не береди?» деп атап өтти Президент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги