Мәмлекетимиз басшысының Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер киргизиў ҳәм шөлкемлестириў илажларын әмелге асырыў бойынша Конституциялық комиссия ағзалары менен ушырасыўы даўам етип атыр.

«Барлық пуқараларымыз сыяқлы мен де бул әҳмийетли процесслерди дыққат пенен бақлап атырман. Халқымыз, жәмийетшилигимиз ўәкиллериниң конституциялық реформаларға бийпарўа болмастан, өз пикир-усыныслары менен белсене қатнасып атырғаны ҳәммемизди қуўандырады.

Әлбетте, конституциялық рефорамларымыз Ўатанымыз тәғдири ҳәм келешеги ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе болған мәселе.

Соның ушын, бүгин сиз, ҳүрметли комиссия ағзалары менен тиккелей ушырасып, пикир алысыўды зәрүр, деп есапладым.

Биз Конституцияны жетилистириў бойынша жаңа ҳәм жүдә жуўапкершиликли басқышқа қәдем тасламақтамыз.

Ҳәзирги күн жағдайына бола, Комиссияға пуқараларымыздан 48 мың 492 усыныс келип түскени де конституциялық реформалар объектив турмыслық зәрүрлик сыпатында күн тәртибине шығып атырғанын анық көрсетпекте.

Конституциялық комиссия тәрепинен таярланған усыныслар терең додаланады ҳәм ҳәзирде Нызамшылық палатасына киргизиў басқышында. Енди нызам, регламент тийкарында додалаўлардан өткериледи».

Қарақалпақстан хабар агентлиги