Президент Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер киргизиў ҳәм шөлкемлестириў илажларын әмелге асырыў бойынша Конституциялық комиссия ағзалары менен ушырасыўы басланды.

«Хабарыңыз бар, биз халқымыз бенен мәсләҳәтлесип, Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша кең көлемли реформаларды басладық.

Ең әҳмийетлиси, өткен 6 жыл даўамында пүткил жәмийетимиз қайта оянды, адамларымыз жаңаша пикирлеў, жумыс ислеў ҳәм жасаўға умтылмақта.

Бүгин мине, усы демократиялық жаңланыў процесслерине жаңаша руўх ҳәм жеделлик бериў, реформаларымызды және де тереңлестириў зәрүрлигин барлығымыз жақсы түсинип турмыз.

Кейинги жыллары пуқараларымыз тәрепинен әмелдеги Конституцияны және де жетилистириў бойынша көплеген пикир-усыныслар билдирилмекте.

Атап айтқанда, өткен жылы Президенттиң сайлаў алды ушырасыўларында сайлаўшылар тәрепинен Тийкарғы нызамымызды ҳәзирги турмыс талапларына сәйкес ҳалда жаңалаў мәселеси көтерилген еди.

Сайлаўшыларымыздың бул бағдардағы тилек ҳәм усынысларын әмелге асырыў ушын Олий Мажлис палаталары тәрепинен Конституциялық комиссия дүзилип, жумыс баслады. Қысқа дәўир ишинде Конституцияға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды» деди Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги