Нөкисте жаслар арасында футбол ҳәм мини футбол бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышы даўам етпекте.

Онда қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған 17 мәкан, аўыл ҳәм посёлкалық пуқаралар жыйынларының командалары төрт топарға бөлинген ҳалда өз-ара жарыспақта.

Футбол бойынша «Туран» ҳәм балалар-жас өспиримлер футбол академиясының стадионларында болып өткен жарыста флей-офф басқышының қатнасыўшылары  анықланды. Онда Әмиўдәрья, Төрткүл, Қоңырат, Кегейли, Қанлыкөл, Тахтакөпир, Нөкис районлары ҳәм Нөкис қаласы командалары келеси басқышқа жоллама алды.

Гезектеги басқыш ойынлары 21-июнь күни болып өтеди. Онда Әмиўдәрья-Төрткүл, Қоңырат-Кегейли, Қанлыкөл-Тахтакөпир, Нөкис районы ҳәм Нөкис қаласы командалары өз- ара ушырасады.

Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжинде басланған мини футбол бойынша жарыслар қызғын даўам етпекте. Он төрт топарда 17 команда келеси басқышқа жоллама алыў ушын өзлериниң шеберликлерин көрсетпекте.

17-июнь күни болып өткен жарысларда дәслеп Әмиўдәрья ҳәм Беруний районларының командалары майданға түсти. Айрықша таярлықлар менен келген Беруний районы «Бостан» мәкан пуқаралар жыйынының командасы 6:2 есабында жеңиске еристи.

Буннан кейин Мойнақ районының «Дослық» ҳәм Хожели районының «Наўрыз» мәкан пуқаралар жыйынларының командалары ушырасты. Қызықлы өткен ойын 4:4 есабында теңбе-тең жуўмақланды.

Бүгин сондай-ақ, Нөкис қаласы ҳәм Кегейли районы командаларының ушырасыўы болып өтти. Бул ушырасыўда есап ашылмады.

Қәнигелердиң атап өткениндей, мини футбол жарысында Қоңырат, Хожели, Мойнақ районлары ҳәм Нөкис қаласының командалары жақсы ойынлар көрсетпекте.

-Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын өткерилип атырған жарыс жасларымызда айрықша қызығыўшылық оятпақта,-дейди Кегейли районы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынының жаслар жетекшиси Әжинияз Әметов.-Районлық басқышта биринши орынды ийелеп, республикалық басқышқа жоллама алдық. Ҳәзирше үш ойында майданға түсип, бир ойында жеңиске ерискен болсақ, бир ойын теңбе –тең жуўмақланды. Бир ойында жеңилиске ушырадық. Ең баслысы, аймағымызда жасаўшы жәмлеспеген, жумыссыз жасларды спортқа қызықтырып, оларды келешекте спорт пенен турақлы шуғылланыўға тартыўда бундай жарыслар айрықша әҳмийетте ийе.

-Жарыслар шөлкемлескенлик жағдайында өтип атыр,-дейди Қарақалпақстан футбол ассоциациясының биринши вице президенти Исках Ибрагимов.-Ҳәр бир ойын шешиўши әҳмийетке ийе. Сонлықтан да командалар бар шеберлигин көрсетиўге ҳәрекет етпекте.

Өзлеринизге белгили, өткен жылы болып өткен финаль басқышында республикамыздан Нөкис районының командасы қатнасып,  14 команданың арасында сыйлы төртинши орында ийелеген еди. Нәтийжеде «Street Workout» майданшасы сертификатын қолға киргизди. Районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебин жанында қурылған бул майданшада бүгинги күни жаслар спорт пенен турақлы шуғылланыў имканиятына ийе болды. Быйылғы жылғы жарысларда да республикамыздан барған командалар жақсы нәтийжелер менен қайтады деген үмиттемиз.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын жарыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги