Президент Шавкат Мирзиёев 6-июнь күни Ташкент жер үсти айланба метросының екинши басқышының қурылысы менен танысыў ўақтында жәмийетлик транспорт тармағын кеңейтиў ҳәм метрополитен инфраструктурасын раўажландырыў бойынша көрсетпелер берген еди.

13-июнь күни усы жумысларды шөлкемлестириўге қаратылған жойбарлардың презентациясы менен танысылды. Соның ишинде, қурылып атырған жер үсти айланба метросының екинши басқышын даўам еттирип, Сергели жөнелиси менен байланыстырыў, заманагөй қурылыс усылларын енгизиў, метро поездларын жаңалаў, жолаўшы ағымын және де арттырыў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бизге белгили, жер үсти метросының екинши басқышы шеңберинде бес бәндиргини усы жылдың ақырында ҳәм қалған екеўин келеси жыл Наўрызда иске қосыў мөлшерленген. Бул арқалы 62 мәҳәлледеги 250 мыңға шамалас халық метрополитен менен қамтып алынады.

Мәмлекетимиз басшысы барлық жолларда инсанларға қолайлық ҳәм қәўипсизлик биринши орында болыўы керек екенин атап өтти. Метрополитен ушын 14 жаңа поезд алып келиў, жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша 2022-2025-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасын ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берилди.

Инновациялық көзқарасларды кеңнен қолланған ҳалда метрополитенди комплексли раўажландырыў ҳәм Транспорт университети менен биргеликте профессионал кадрлар таярлаў ушын сырт елден жоқары маман қәнигелерди тартыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Ташкентте жәмийетлик транспорт жетип бармаған 26 мәҳәллеге автобус жөнелислери ашылып, метро менен байланысады. Буның ушын қосымша электробуслар сатып алынады.

Есап-санақларға қарағанда, Ташкент ўәлаятынан пайтахтымызға күнине 1 миллионнан аслам жолаўшы кирип келеди. Оларды метро бәндиргилерине бағдарлап, ҳәм халыққа, ҳәм транспортларға жеңиллик жаратыў зәрүр екени айтылды.

Заманагөй электропоездлар алып келип, «Ташкент – Хожикент», «Ташкент – Бекабад» ҳәм «Ташкент – Ангрен» жөнелисинде тезжүрер қатнаўы жолға қойылатуғыны белгиленди.

Жаңа метрополитен жөнелиси бойында жайласқан мәҳәллелерди абаданластырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Жойбарларды жетилистирип, қарар жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА