Әмиўдәрья районындағы «Хайтимбетов Султан» фермер хожалығында быйылғы жылғы бийдай орым-жыйынына бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Илаж алдынан жасы үлкен аталар дийқанларымыздың алдында турған машақатлы, соның менен бирге жуўапкерли ислеринде күш-қуўат тилеп, елимизде молшылық, дастурханымыз толы болыўын тилеп, пәтияларын берди. Усы жылдың 5-июлине шекем даўам ететуғын орым-жыйын мапазында әмелге асырылатуғын жумыслар кеңнен түсиндирилди.

Районда 344 фермер хожалығы ҳәм аўыл хожалығы кәрханасы тәрепинен өткен жылы гүзде 6 мың гектар майданға бийдай туқымы себилген болып, ғәллешилик кластерлери менен дән жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзилди.

Туқым егилгеннен баслап, бийдай писип жетилесемен дегенше барлық агротехникалық илажлар өз ўақтында сапалы әмелге асырылды. Нәтийжеде атызларда мол өним топланды. Жетистирилген өнимди қысқа мүддетлерде сетситпей орып-жыйнап алыў мақсетинде барлық ҳәрекетлер избе-излик пенен алып барылмақта.

Семинарда атап өтилгениндей, районда дән қабыллаў шақапшасы тәрепинен быйылғы жылы жәми 8 мың 960 тонна өним қабыл етиў режелестирилген. Бул жумысларды шөлкемлескенлик пенен, системалы тәризде әмелге асырыў мақсетинде штаб дүзилген болып, 17 орым отрядына 18 комбайн бириктирилди.

Бүгинги күни комбайнлар орым-жыйын мәўсимине таяр ҳалатқа келтирилди ҳәм мәўсим даўамында үзликсиз ислеўин тәмийинлеў ушын аўысық бөлеклердиң запасы жаратылды. Комбайнлар менен бир қатарда, мәўсимде дән тасыўға мөлшерленген ҳәм хызмет көрсететуғын техникалар қатнастырылып, оларды мапаз даўамында тынымсыз ислетиў илажлары көрилди.

Соның менен бирге, комбайншыларға жетерли шараятлар жаратып бериў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, материаллық хошаметлеў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, районда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде бийдайдан босаған 1 мың 997 гектар майданға тәкирарый егин егиў режелестирилди.

Семинар жуўмағында бийдай орым-жыйыны дәўиринде өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў, өнимниң зая болыўына жол қоймаў бойынша фермер хожалықларының басшыларына, ғәллекеш ҳәм механизаторларға кең түрде түсиник берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы