Мәмлекетлик статистика басқармасының мағлыўматларына қарағанда, 2022-жылдың январь-апрель айларында Өзбекстаннан көлеми 1,1 млрд. АҚШ долларына тең тоқымашылық өнимлери экспорт етилген.
Бул улыўмалық экспорт көлеминиң 15,1 % ин қурайды, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 24 % ке өскен.
Өзбекстаннан 4 ай даўамында дүньяның 62 мәмлекетине 452 түрдеги тоқымашылық өнимлери экспорт етилген.
Тоқымашылық өнимлери экспорты көлеми:
– Пахтадан ийирилген жип – 592 млн.
– Таяр трикотаж өнимлери – 249 млн.
– Нағыслы таўар – 90,7 млн.
– Пахтадан гезлемелер – 48 млн.
– Жипек ҳәм жипек өнимлери – 21 млн.
– Пахта өнимлери – 14,2 млн.
– Гилемлер – 9,7 млн.
– Басқа да тоқымашылық өнимлери – 41 млн. АҚШ доллары қурамында әмелге асырылған.
Райхан Даниярова,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим
бағдарының 3-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги