Дүнья мәлимлеме агентликлери Қытайда дүньядағы ең қүдиретли компьютер жаратылыўы бойынша бәсекилесип атырған пайытта, Hi-Tech басылымы ең биринши компьютер қандай болғаны ҳаққында мағлыўмат берди.

ENIAC (Electronic Numerical Integrator and Computer – Электрон санлы интегратор ҳәм компьютер) – кең көлемли ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын қайта программаластырыў мүмкин болған дәслепки электрон есаплағыш болып есапланады.

Машина 1943-жылы АҚШ армиясы буйыртпасы менен, Пенсилвания университети илимпазлары тәрепинен ислене басланған.

1950-жылда машинада биринши табыслы санлы ҳаўа-райы прогнозы ислеп шығылған.

ENIACтың салмағы – 27 тонна, энергия сарыплаўы – 174 кВт, есаплаў энергиясы – бир секундта 357 көбейтиў әмели болып табылады.

 

Бийбиназ Сарсенбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги