(Белгили физик-теоретик, шебер педагог Шернияз аға Қаниязов пенен ушырасыўларымнан)

Шернияз аға Қаниязов белгили физик-илимпаз Әмет аға Нурымбетов туўралы еске тусириўлерин бәҳәр айларының биринде айтып берген еди. Мен усы пикирлерин қағазға түсирип бериўин өтиндим. Оның  тасқа басқандай анық қолжазбаларын машинкаға түсирип, үстинен сәл-пәл редакторлап, таяр мақаланы «Еркин Қарақалпақстан» газетасына бермекши едим.

Соның арасында бес жасар улымды жоғалтып алдым. Жүрегимди езген перзент дағынан алты ай баўырымды жерге берип жатып қалдым, көп езилдим, жумысқа деген ықласым да сөнгендей еди…

Күнлердиң биринде Шернияз аға қолжазбасын сорады. Мен оны таўып бере алатуғын  ҳалда емес едим.

…Солай етип арадан жети жыл өтти. Бир күни үйдеги көп қағаздың арасынан Шернияз ағаның қол таңбасы көзиме оттай басылды!

Бул ўақытта мен, 2005-2006 жыллары болса керек, «Қарақалпақ университети» газетасының редакторы ўазыйпасын қосып атқарып жүр едим. Әмет аға туўралы очерк бир полоса болып жарқырап шықты!

Газетаны қолыма алыўдан, профессорды излеп факультетине барсам, ағамыз аўырып емлеўханаға түскен екен. «Ҳәзир изинен хабар алыўға баратыр едик, жақсы болды, қуўантатуғын болдық» деп физиклер қолымдағы газетаны алып қалды.

«Үҳҳ» деп жеңил тарттым сонда. Өйткени бир адамға сөз берип, оны орынлай алмаў, исенимин жоғалтыў қандай жаман, буның ушын өзимди кешире алмасам керек…

Емлеўханадан шығып келген ағамызға украиналы Шевченко деген врачтың «Водка с маслом» усылын айтып едим, ол кейин ала бул методты өзинде қолланып, сигарет пенен насыбай деген бәледен қутылғанын, денсаўлығы да әдеўир жақсыланғанын айтып рийзалығын билдирген еди.

***

– Устазымның мақаласына жақсы шрифт табаман, – деди газета оператор бала Баҳадыр Үсенов, – оның лекцияларын тыңлағанымнан бахытлыман. Басқа да лекцияларына да кире бериўим керек еди, енди сөйтпесем.

Ол доскада есап шығарып атырып сол мәселениң тарийхын да айтып кетеди. Соның ушын биз Шернияз аға айтқан нызамды ҳеш умытпаймыз. Мәселен, Умов теоремасы.

Бир еки күннен кейин ушырасып қалғанымызда:

–Профессор Умов деген қандай теорема жаратқан екен? – деп сорадым қуўақыланып.

– Ҳе-е, Наумов деген физик болған. Оның тийкарғы балаларынан ҳеш бири физик болмаған. Бул басқа ҳаялдан болған баласы. Ол заманда бундай балларға фамилиясын толық емес, ярымын бериў әдет екен. Лекин Умовтан күшли физик шыққан, деп түсиник берди күлимсиреп.

***

Шернияз аға анда-санда қосық шығарып «қалай болыпты?» деп оқып береди, бир кесе чай арасында.

Профессордың кабинети кассаның жанында болғаны ушын тез-тез гезлесип қаламыз. Себеби, кассир банктен пул алып келемен деп қараңғы түскенше оқытыўшыларды ийирип қояды, сол ирккенине пулды алып келеди я алып келмейди.

– Жүр, саған бир чашка кофе демлеп берейин, ишесең бе? – дейди.

Үлкен кисисниң ырайын жыққым келмейди. Билемен, кофе ямаса чайды бәнелеп бираз қызықлы әңгиме айтады. «Сен журналдың жуўаплы хызметкерисең, билиўиң керек!» деп талап қойып физиканың базы бир мәселелерин де әңгимелеп, үйретип отырады.

– Қой, қой. Сиз турғанда физикаға мийимди ашытып не қыламан? Мәселе шықса, өзиңизге әкелемен. Тамам! – десем де, оның қатаңлаў қарасынан аз-маз ҳаўлығып турғанымды сездирмеўге тырысаман.

– Физика теориясына тийисли мақала болса әкел, оқып беремен, математиканы да түсинемен, дейди. Сондай да кемшилик шықса, авторлар менен полемикаға түседи. Бир мәрте Қоңырат сода заводынан келген магистрантлардың мақалалары үстинде көп жумыс  иследи. Амангелди аға тамағын қырып, екеўи өзара мәсләҳәтлесип, ойласық қылды. Соң «бул бала күшли сатья жазыпты, мақала жүдә жақсы, билдиң бе? деп ескертеди.

– Сиз не айтсаңыз, исенемен, – деймен.

– Балаң бар ма? Әкел, оқытып физик қылып шығарайын. Мына лицейде сабақ беремен-ғо, жақсы балларды таңлап алып, репетиторлық та қыламан. Билесең  бе?

–Үлкени химбиологияны оқып жүр, Базарбай аға Тәңирбергеновтың қолында, қалғанлары еле жаслаў. Бул еки-үш жыллықтағы әңгиме еди.

9-классты питкеретуғын қызымды оқытсам ба екен» деген нийетте, «профессор, еле бала оқытып жүрсиз бе?» деген сораўыма:

– Әй, яқ. Қойдым. Еки жыл болды. Шаршайман, – деп жуўап берди. Сонда да тетик, қуўнақ көринер еди.

 

***

 

–Ҳей, сен қыз, келмей кеттиң-ғо? – деген даўыс еситилди қапталдан, Сайлаўбай кассирден хабар алып қайтып баратырсақ.

– Сабакта екениз, профессордың сабағын бөлмейик деп…

– Сен профессордың достысаң, саған рухсат! – дейди күлип.

– Сиз қандай бахытлы профессорсыз! Бир қыз келип кофе ишеди сизиң менен. Жаныңызда ханымыңыз ҳәм бар екен, кабинетиңизди тазалап, пәрмана болатуғын, – деймен бир жасы үлкенлеў ҳаялдың швабрасын алып шығып баратырғанын көзим шалып.

– Аўа, арасында оларға да чай демлеп беремен, – дейди мәс болып.

***

Негизинде Шернияз аға менен әжағамның қызына қәтере айтып барғанымда таныстым.

2000-2002- жыллар еди.

Елде суўсызлық себепли, аяқтағы көп аўыллардың қуты қашқан, шөп өспей, тал-тереклер қуўрап, маллар аўсыл болып, елдиң бир шети шиферын, полын, әйнек-қапыларын сатып, көтерилип көшип, поса баслаған ўақытлар еди.

Ажағамның қызы грантқа түсе алмай қалды.Үй-ишине аўырманлығы түспесин деп бир бардамлырақ сиңлилеримиздиң үйинде ўақытша жасап оқыйтуғын еди.  «Айына анаў-мынаў қәрежетлерине бес мың сум пул берип турарсаң, қалған ўағында үй жумысларыңда қол-көмеги тийер, қыз бала-ғой, зыян көрмессең, тек оқыўын тамамлап алғанша сизиң үйде жасап турсын, бизикинде де студентлер баршылык, бир аўыз болса да кемейсин», деп өзим тапсырғанман. Қарасады-ғой, деген ағайин мойнына әбден минип алыпты, үйиниң шорысы есабында қабыллапты, кейин билсем.

Бир күни сиңлим келди, «Шернияз аға  деген профессордан қатты қорқып турман. Берген тапсырмаларын дурыслап орынлай алмай жүрген едим, сабақларынан бир-еки мәрте «нб»да алғанман, жаңағы үйдиң жумысы күннен-күнге көбейип баратыр, гейде қонақ келетуғын болса, оқыўға да жибермей қалатуғын бәлеге ушырады, шоферын жиберип туўры аудиториядан үйге алдыратуғын болды» деди сиңлим жыламсырап.

Сондағы Шернияз ағаның айтқаны: – Мениң алдыма ҳешким жүрек етип келмейтуғын еди, ырайыңды жықпай-ақ қояйын! …Сол сиңлим ҳәзир районда белгили муғаллим, оқыўшылары жылда районлық, республикалық олимпиадаларда орын алады, мектепте физика дөгерегин ашып қойыпты, кеминде бес-алты оқыўшысы физика-математика бағдарындағы жоқары оқыў орынларына киреди. «Университетте оқый алмаған сабақларды муғаллим болып жүрип үйренип атырман, өйтпесем класста абырайым төгилежақ» дейди-аў шырағым.

 

***

 

Кабинетинде ең көзге түсетуғыны – ортасы ойылып кеткен ески жасыл диван.

Шернияз аға бәрқулла сол ортасы ойылып кеткен диванның ортасында отырады.

– Сорасаңыз, университет сизге бир жаңа диван береди-ғо. Бирақ мынаны өзиңиздиң көзиңиз қыймай жүрген-ғо, – деп илемен сөз бенен.

–Я, аўа, солай, – дейди ойланып. Қыялында қандай ой жылт еткенин билмеймен-ғо.

Шернияз Қаниязов сол кабинетте нешше-нешше студентлерге илимий мәсләҳәтер берген, кәсиплеслери менен тартысқа түскен, қызықлы әңгимелер базарын қурған. Қанша илимий мийнетлер дөреткенине, тер төгип, физиканы пропогандалағанына сол тилсиз, ески, тозыўы әбден жеткен диван ғана гүўа шығар?!

Қыс айы. Февральдың екинши сәнеси. Газета редакторы сыпатында проректордың кабинетине кирсем, «ҳәзир ғана Шернияз аға дегенниң үйине кетти» деди аўызд отырған секретарь қыз.

– Ҳаў!

Сум хабардан отырып қалдым. Бирден есиме мақала түсти. «Кешеги санда жәриялап, үлкен адамды қуўантыўым керек екен», деп өкиндим.

…Верстка ўақтында усы мақала иркиле берди. Шернияз аға жақсы жүрипти, еле қуўнақ-ғой, Жаңа жыл санында жиберермен, қызықлы мақала, деп өзим ирккен едим.

Төменге түссем, сүўрети илдирилипти.

– Факультетимиздиң ярымы кетти, – деди гүрсинип бир жас бала. Студенти болыўы керек.

– Университеттиң десе!

«Мен армянша билемен» деген мақала еди. Онда Шернияз аға созылмалы соқыр ишек кеселлиги «приступ» берип, емлеўханаға түскенинде, денсаўлықты сақлаў министри менен Ташкенттен шақыртылған  миллети армян билгир врачтың изинен армян тилинде мүражат етип, дыққатын өзине қаратқаны, шыпакер айланып келип оның менен русша сөйлесип, армян тилин қайдан билетуғынын сорап, кейин қалтасынан бир неше сары таблетка бергени, сол таблетка жанын аман сақлап қалғаны туўралы мақала еди.

Бендешилик, «аманат жаным саў турса» дегенди гейде умытып, сәл нәрсеге тарысып, мәлеллесип қаламыз-аў. Бирақ жақсы досларымызды жоғалтып, орнын сыйпалап қалғанымызда бәри кеш болады…

Тамара Машарипова,

Нөкис қаласы, 2000-2022-жыллар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги